Жаңа кодекс тәбиятты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан пайдаланыўға байланыслы нормаларды бирден-бир ҳүжжетке жәмледи. Онда "патасландырыўшы төлейди" принципи беккемленип, шығындыларды басқарыў, санлы экологиялық мониторинг, климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм пуқаралардың экологиялық мәлимлемеден пайдаланыў имканиятларына байланыслы жаңа талаплар белгиленди.
Кодекске бола, қоршаған орталықты тийисли рухсатнамаларсыз патасландырған кәрханалар енди бес есе көбирек төлем әмелге асырыўы керек. Бундай шығындылар ҳәм патасландырыўшы затларды жайластырыў нормадан артық деп есапланады. Бирақ төлемди әмелге асырыў қағыйдабузарды жуўапкершиликтен азат етпейди. Ол тәбиятқа жеткерилген зыянды қаплаўы ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыўы шәрт.
Ҳүжжет шығындыларды басқарыў қағыйдаларын да қатаңластырады. Енди полигонларда пластик, ПЭТ-қадақлар, батареялар, сынаплы лампалар, шийше, металл шығындылары, ески шиналар, пайдаланыўдан шыққан автомобильлер ҳәм қурылыс шығындыларын көмиў қадаған етиледи.
Медициналық, биологиялық ҳәм электрон шығындылар менен ислесиў бойынша өз алдына қағыйдалар енгизиледи. Жергиликли ҳәкимият уйымлары қағаз, тоқымашылық, азық-аўқат шығындылары ҳәм металл сыяқлы қайта исленетуғын материалларды айрықша жыйнаў системасын жолға қойыўы керек.
Кодексте "санлы экология" түсиниги де киргизилген. Оған муўапық, бирден-бир мәмлекетлик экологиялық мониторинг системасы ҳәм мәлимлеме ресурслары жаратылады. Қоршаған орталықтың жағдайы ҳаққындағы миллий есабат болса ҳәр жылы ашық жәрияланып барылады.