Илаж "Өзбекэкспертиза" АЖ майданында Халықаралық
саўда орайы (ХСО) жәрдеминде өткерилди.
Бул баслама Орайлық Азия мәмлекетлеринде трансшегаралық
тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў, регионаллық муўапықластырыўды күшейтиў ҳәм
бизнестиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға қаратылған Европа Аўқамы тәрепинен
қаржыландырылып атырған "Ready4Trade
Орайлық Азия: Транскаспий транспорт коридоры арқалы раўажланыў жолы"
(2024-2028) жойбары шеңберинде әмелге асырылмақта.
Ушырасыў 2026-жыл 26-март күни қол қойылған, еки мәмлекет
арасында санлы алмасыў ҳәм электрон келип шығыў сертификатларын өз-ара тән алыў
ушын ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкар жаратқан келисимди әмелге асырыўдың
даўамы болды.
Техникалық сессия даўамында электрон алмасыў шәртлериниң
жойбары, соның ишинде, мағлыўматлардың структурасы ҳәм форматы, мәлимлемени
жеткерип бериў тәртиби ҳәм протоколлары, тараўға байланыслы уйымлар ҳәм
техникалық структуралар арасындағы роллер ҳәм жуўапкершиликти бөлистириў
мәселелери додаланды.
Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясы бирге ислесиў
бөлиминиң баслығы Христос Маразопулос Транскаспий транспорт коридорын
раўажландырыў ЕАның Орайлық Азиядағы "Глобал жол" инвестициялық
стратегиясының әҳмийетли бөлеги екенин атап өтти. Оның атап өтиўинше, келип
шығыў сертификатлары менен санлы алмасыўды қоллап-қуўатлаў саўданы
әпиўайыластырыў бойынша миннетлемелерди кешикпелерди қысқартыў ҳәм
ашық-айдынлықты арттырыўдың әмелий қуралларына айландырыў имканиятын береди.
Илажда Өзбекстан ҳәм Тәжикстанның келип шығыў
сертификатларын бериў ҳәм тексериўге байланыслы уйымлары, сондай-ақ, Европа
Аўқамы ҳәм ХСО ўәкиллери қатнасты.
"Өзбекэкспертиза" АЖ бас директорының орынбасары
Умидхон Азамхўжаев ушырасыў келешектеги алмасыўдың техникалық параметрлерин,
соның ишинде, мағлыўматлар структурасы ҳәм өз-ара бирге ислесиў тәртибин толық
ислеп шығыўға өтиў имканиятын бергенин атап өтти.
Тәжикстан Саўда-санаат палатасының ўәкили Жамолуло Давлатов
электрон алмасыўдың енгизилиўи сыртқы саўда қатнасыўшылары ушын ашық-айдынлық,
исеним ҳәм шараятлардың жақсыланыўына хызмет ететуғынын атап өтти.
ХСОның регионаллық координаторы Аделина Харунжен бул баслама
санлы өз-ара байланыслылықты раўажландырыў ҳәм регионда бирден-бир мағлыўмат
алмасыў тәртип-қағыйдаларын басқышпа-басқыш енгизиў жолындағы әҳмийетли қәдем
екенин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер техникалық шәртлер, ашық
мәселелерди келисиў ҳәм кейин ала миллий системаларды интеграциялаў, келип
шығыў сертификатларын сынақтан өткериў ҳәм электрон алмасыўды жолға қойыў ушын
ҳүжжетлерди таярлаў бойынша жумысларды даўам еттириўге таяр екенлигин
тастыйықлады.