Бул ҳаққында Қурылыс, архитектура ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри Нурдан Орунтаев тийисли буйрыққа қол қойды.
Нольлик цикл дегенде қурылыс басқышы түсинилип, оған фундамент қурылысы ҳәм жер асты қурылыс жумысларының толық жуўмақланыўы киреди.
Буйрыққа муўапық, бул басқыш жуўмақланбағанша қурылысшыларға төмендегилер қадаған етиледи:
қурылып атырған объектлердеги турақ жайларды ҳәм турақ жай емес жайларды сатыў;
қурылысқа пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың пулларын тартыўды нәзерде тутыўшы үлеслик қатнасыў шәртнамаларын, дәслепки шәртнамаларды ҳәм басқа да пуқаралық-ҳуқықый келисимлерди дүзиў;
қурылыс объектлериниң рекламасын жайластырыў.
Мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўы департаментине бул талаплардың бузылыў жағдайлары, соның ишинде, нызамсыз реклама, сатыўды баслаў ҳәм қаржы тартыў жағдайларын анықлаў ўазыйпасы қойылды. Ҳуқықбузарлықлар анықланған жағдайда, департамент өз ўәкилликлери шеңберинде илажлар көреди.
Қурылыс министрлиги қурылыс кәрханалары менен түсиндириў жумысларын алып барып атырғанын мәлим етти. Шөлкемлердиң басшылары жаңа талаплар менен таныстырылып, оларға әмел етпегени ушын жуўапкершилик ҳаққында ескертилди.
Буйрық турақ жай сатып алыўшылардың пул қаржылары ҳәм ҳуқықларын қорғаў, сондай-ақ, қурылысы толық басқышқа жетпеген объектлерге қаржы киргизиўде қәўип-қәтерлерди азайтыўға қаратылған, деп түсиник берди “24.kg”.