Агентликтиң есап-санақларына бола, демократлар сенатта 54 мандат ҳәм ўәкиллер палатасында 232 орынды, республикашылар болса сәйкес түрде 44 ҳәм 139 орынды ийелейди.
Ҳәзир жоқары ҳәм төменги палатаны Республикалық партия қадағаламақта: 53 ҳәм 219 орын.
АҚШ Президенти Дональд Трамп аралық сайлаўлардың нәтийжелерин тән алыўға ҳәм демократлар менен ислесиўге таяр екенин билдирди. Ол республикашылар жақсырақ ҳәрекет етеди деп есаплаған ҳәм жеңилиўди Иран менен келиспеўшилик себепли бензин баҳасының көтерилиўи менен байланыстырған. Соның менен бирге, Ақ үй басшысы олардың жеңилисин өзиниң жеңили деп есаплаўдан бас тартты.
АҚШта даўыс бериў кеше болып өтти. Ўәкиллер палатасында сайлаўшылар барлық 435 конгрессменди, сенатта болса 100 нызам шығарыўшыдан 35 ин сайлаўы керек еди, деп жазады риа.ру.
Конгрессти қадағалаў демократларға Трамптың нызамшылық күн тәртибин блоклаў, оның ҳәкимшилигине байланыслы тергеўлер өткериў ҳәм мәмлекетлик қәрежетлерди шеклеў имканиятын береди. Сенатта көпшиликке ерисиўи оларға президент усыныс еткен талабанлардың мәмлекетлик лаўазымларға тайынланыўына тосқынлық етиў ҳуқықын береди.
Сайлаў күни алдынан Ақ үй басшысы Америка сиясатына тән болған бундай тәртипке таяр екенин билдирди.