Мәмлекетимизде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, мәҳәллелерде турақлы социаллық орталықты қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, орынларда қәўипсизлик инфраструктурасы кеңейтилип, 263 мың танып алыў функциясына ийе болған видеобақлаў камералары, 70 мың заманагөй домофон ҳәм 22 мың қәўипсизлик түймелери орнатылмақта. Социаллық профилактика илажлары есабынан 2 миллион 100 мың халықтың машқалалары мәнзилли шешилди.

Нәтийжеде криминоген жағдайы ең аўыр болған 809 мәҳәллениң 701 и өз көрсеткишлерин жақсылап, бул категориядан шықты. Бүгинги күнде 4 мың 400 ге шамалас мәҳәлле "жасыл" аймаққа киргизилген.

Соның менен бирге, жәмийетте жүз берип атырған өзгерислер, санлы технологиялардың жедел раўажланыўы, кибержынаятшылық ҳәм басқа да заманагөй қәўип-қәтерлер ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўди талап етпекте.

Атап айтқанда, 2014-жылы қабыл етилген "Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында"ғы нызамға өткен дәўирде 20 дан аслам өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген болса да, оның айырым нормалары бүгинги күн талапларына жуўап бермейди.

Усы мүнәсибет пенен презентацияда бул нызамның жаңа редакциясын таярлаў ҳәм қабыл етиў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа нызам ҳуқықбузарлық жүз бергеннен кейин илаж көриўди нәзерде тутатуғын усылдан болыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлаў ҳәм сапластырыўға қаратылған профилактиканың проактив моделине өтиўди тәмийинлеўи керек екенлигин атап өтти.

Бүгинги күнде ҳуқықбузарлықлар профилактикасы менен 14 мәмлекетлик уйым шуғылланып атырған болса да, олардың ўазыйпалары көпшилик жағдайларда бир-бирин тәкирарламақта, ўәкилликлери анық ажыратылмаған. Презентацияда профилактика субъектлерин және 7 ге кеңейтиў усынысы билдирилди.

Президентимиз бул усыныстың мақсетке муўапықлығын анық тийкарлаў, бәринен бурын, ҳәр бир уйымның ўазыйпасы, ўәкиллиги ҳәм жуўапкершилигин белгилеў, сондай-ақ, олардың өз-ара нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.

Буннан тысқары, жаңа редакциядағы нызам жойбары менен Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы комиссиясының ўәкилликлерин нызам дәрежесинде беккемлеў нәзерде тутылмақта. Мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырыў, профилактикалық илажлардың нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм мониторинг етиў механизмлерин беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Нызам жойбары менен профилактиканың жаңа бағдарларын белгилеў, соның ишинде, нәшебентлик қураллары менен байланыслы жынаятлар, кибержынаятшылық, шөлкемлескен жынаятшылық, жасырын экономика ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша превентив илажларды күшейтиў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, социаллық ҳәм виктимологиялық профилактика механизмлерин жетилистириў, билимлендириў мәкемелерин профилактикалық илажлар менен қамтып алыўды кеңейтиў, жынаятлардан жәбирленген пуқаралардың қәўипсизлигин ҳәм социаллық қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған жаңа нормалар усыныс етилди.

Соның ишинде, жәбирлениўшилер ҳәм гүўалардың өмири, денсаўлығы ямаса мүлкине қәўип туўылған жағдайда олардың қәўипсизлигин ҳәм социаллық қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде жәрдем берген пуқараларды хошаметлеў нәзерде тутылмақта. Соның менен бирге, ҳуқықбузарлықлардың жүз бериўине имканият жарататуғын себеплер менен шараятларды сапластырыўға қаратылған мәжбүрий профилактикалық көрсетпелер бериўдиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў усыныс етилмекте.

Презентацияда криминоген жағдайды баҳалаў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў илажларының нәтийжелилигин мониторинг етиў системасын жетилистириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Атап өтилгениндей, әмелдеги баҳалаў усыллары тийкарынан статистикалық мағлыўматларға сүйенеди. Онда жынаятшылық дәрежесине тәсир етиўши социаллық-экономикалық факторлар дурыс талланбай, мәлимлеме системалары өз-ара толық интеграцияланбаған.

Усы мүнәсибет пенен биринши мәрте халықтың қәўипсизлик сезими дәрежесин ҳәм жасырын жынаятшылық көрсеткишлерин есапқа алған ҳалда "криминоген турақлылық индекси"н қәлиплестириўди нәзерде тутатуғын криминоген жағдайды баҳалаўдың жаңа моделин енгизиў усыныс етилди.

Буның ушын мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме ресурсларын бирлестиретуғын бирден-бир криминоген мағлыўматлар платформасын иске қосыў, криминоген қәўип-қәтерлерди таллаў ҳәм прогнозлаўда жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў, криминоген карталарды қәлиплестириў нәзерде тутылған.

Бул механизмлер арқалы аймақлар ҳәм мәҳәллелердеги криминоген жағдай турақлы түрде баҳаланып, қәўип-қәтер дәрежесине қарап мәнзилли профилактикалық илажлар белгиленеди. Жуўапкер уйымлардың жумысы нәтийжелилик көрсеткишлери бойынша баҳаланып, анықланған машқалалардың шешилиўи үстинен тәсиршең қадағалаў орнатылады.

Мәмлекетимиз басшысы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў улыўма ўазыйпаға айланыўы керек екенлигин атап өтип, бул ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирге барлық жуўапкер уйымлар, мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң биргеликтеги ҳәрекетлерин талап ететуғынын атап өтти.

Ҳәр бир мәҳәлледе қәўипсиз орталықты жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың жүз бериўине себеп болып атырған факторларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў, пуқаралардың тыныш ҳәм татыў турмысын исенимли тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа болып қалатуғыны атап өтилди.

Жуўапкерлерге билдирилген пикир-усынысларды инабатқа алған ҳалда нызам жойбарын жетилистириў, профилактика субъектлериниң ўазыйпалары менен ўәкилликлерин анық белгилеў, таллаў ҳәм мониторинг етиўдиң санлы механизмлерин енгизиў бойынша тапсырмалар берилди. Криминоген жағдайды баҳалаўдың жаңа моделин енгизиўди нәзерде тутатуғын пәрманға қол қойылды.