Миллий руўх ҳәр бир миллеттиң өзлигин сақлап қалыўы ҳәм келешекке исеним менен қараўын тәмийинлейтуғын ишки күш дәреги болып есапланады. Ол жасларда "Мен жәмийеттиң бир бөлегимен, Ўатаным алдында парызым бар", деген муқаддес сезимди қәлиплестиреди. Миллий руўх тийкарында тәрбияланған жасларда ўатансүйиўшилик, миллий мақтаныш, пуқаралық жуўапкершилик, нызамға ҳүрмет ҳәм социаллық белсендилик сыяқлы пазыйлетлер қәлиплеседи. Бул, өз гезегинде, олардың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятының жоқарылаўына, жәмийетлик турмыста белсенди пуқаралық позициясын ийелеўине хызмет етеди.
Өтмиш ойшыллары "миллий руўх" атамасын ҳәзирги заманагөй мәнисте қолланбаған болса да, миллеттиң руўхый күши, халық руўхыйлығы, миллий қәдирият ҳәм руўхый бирлик ҳаққында әҳмийетли пикирлер билдирген. Атап айтқанда, Абу Наср Фарабий инсан ҳәм жәмийет жетилисиўи руўхый пазыйлетлер менен байланыслы екенлигин айтып, жәмийеттиң ишки бирлиги ҳәм улыўма идеясы оның раўажланыўын белгилейтуғынын айтып өткен. Оның пикиринше, пазыйлетли жәмийет ағзаларын бирлестириўши руўхый факторлар халық руўхиятынын тийкарын қурайды.
Абу Райхан Беруний халықлардың үрп-әдети, тили ҳәм мәнаўияты олардың өзине тәнлигин белгилейтуғынын атап өтеди. Ол миллеттиң руўхый дүньясы оның тарийхый раўажланыўы менен үзликсиз байланыслы екенлигин көрсетеди. Әлийшер Наўайы миллеттиң руўхый қүдирети оның тили, әдебияты ҳәм ағартыўшылығы менен белгиленетуғынын атап өткен. Ҳәзиреттиң шығармаларында миллет руўхыяты, ўатансүйиўшилик ҳәм руўхый жетиклик идеялары жетекши орын ийелейди.
Әлбетте, миллий руўх ҳәм ҳуқықый мәденият бирден қәлиплесетуғын ҳәдийсе емес. Президентимиздиң атап өткениндей, миллий руўх инсанда ана ҳәййиўи, ақ сүт пенен қәлиплеседи. Шаңарақ орталығы, миллий қәдириятлар ҳәм дәстүрий тәрбия системасы инсан қәлбинде оның тийкарын қәлиплестиреди. Усы мәнисте миллий руўх инсанның ишки дүньясына терең сиңип баратуғын, санасы, сезимлери ҳәм турмыслық көзқарасларында көринетуғын руўхый күш сыпатында талқыланады.
Миллий руўх жаңа Өзбекстанды қурыў процесинде халықты бирлестириўши, өзликти аңлаўды қәлиплестириўши ҳәм жәмийеттиң раўажланыўы ушын беккем руўхый тийкар ўазыйпасын атқарыўшы әҳмийетли социаллық-руўхый фактор сыпатында көринеди. Ол миллеттиң тили, мәденияты, тарийхый яды, үрп-әдетлери, дәстүрлери ҳәм қәдириятлары комплексинде жәмленген болып, жәмийеттиң руўхый турақлылығын ҳәм даўамлылығын тәмийинлейди.
Президентимиз 2019-жыл 14-январь — Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлерди сыйлықлаў мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзинде "Миллий руўх – бул жеңилмес күш. Миллий руўх күшли болса, ерк-ықрар, жаўынгерлик потенциал да жоқары болады. Келешекте әскер болыўды әрман ететуғын батыр перзентлеримиз миллий руўхты, муқаддес Ўатан тәғдири ушын жуўапкершилик сезимин қай жерден алады? Ўатанымыз бай тарийхынан, Әмир Темур сыяқлы уллы ата-бабаларымыздың мәртлигинен алады. Өз шаңарағы, меҳрийбан ата-анасы ҳәм елимиздиң исеними, ғамхорлығы ҳәм итибарынан алады", деп атап өтти.
Миллий руўх шахстың ҳуқықый мәдениятының тийкарғы қурамлық бөлимлеринен бири болған ҳуқықый сананың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе. Инсан санасы ҳәм қәлбинде руўхый өзгерис жүз бермесе, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў қыйын. Усы көзқарастан, еки фактор арасындағы қатнас социаллық-философиялық ҳәм ҳуқықый изертлеўлерде әҳмийетли теориялық машқалалардан бири сыпатында қаралады. Себеби ҳуқықый сана жәмийеттиң ҳуқық, нызам, мәмлекет ҳәм әдилликке қатнасын билдирсе, миллий руўх миллеттиң руўхый дүньясы, тарийхый яды, миллий қәдириятлары ҳәм социаллық тәжирийбесин өзинде жәмлейди.
Философиялық көзқарастан қарағанда, ҳәр қандай ҳуқықый система белгили бир жәмийеттиң мәдений ҳәм миллий өзгешеликлери менен тығыз байланыслы ҳалда қәлиплеседи. Француз ойшылы Шарль Монтескье нызамлардың мазмуни халықтың тарийхы, үрп-әдетлери, турмыс тәризи ҳәм миллий өзгешеликлерине сай болыўы кереклигин атап өтеди. Илимпаздың пикиринше, нызамлар жәмийеттиң "руўхы" менен байланыслы болып, олар халықтың жасаў тәризи ҳәм руўхый орталығынан ажыралған ҳалда жасай алмайды. Бул идея миллий руўх ҳәм ҳуқықый сана ортасындағы байланысты илимий жақтан тийкарлаўда әҳмийетли теориялық дерек есапланады.
Егер жәмийетте әдиллик, инсап, кеңпейиллик, аўызбиршилик ҳәм жуўапкершилик сыяқлы миллий қәдириятлар беккем орнаған болса, пуқаралар нызам талапларын ишки мүтәжлик сыпатында қабыл ете баслайды. Бул болса ҳуқықый мәденияттың раўажланыўына алып келеди.
Миллий руўх ҳәм ҳуқықый сана ортасындағы байланыс пуқаралардың ҳуқыққа, яғный мәмлекетке исениминде де айқын көринеди. Жәмийеттиң миллий мәплери, қәдириятлары ҳәм руўхый зәрүрликлерине сәйкес ҳуқықый система халық тәрепинен унамлы қабыл етиледи. Керисинше, миллий орталыққа жат ҳуқықый механизмлер ҳуқықый нигилизм, нызамларға исенимсизлик ҳәм социаллық бийпәрўалықты келтирип шығарыўы мүмкин. Усы жағынан ҳуқықый реформаларды әмелге асырыўда миллий өзгешеликлер ҳәм жәмийеттиң руўхый мүтәжликлерин есапқа алыў әҳмийетли.
Заманагөй глобалласыў ҳәм санластырыў процесслери бул бағдардағы қатнасықларға жаңаша тәсир етпекте. Миллий қәдириятлар трансформациясына себеп болмақта. Нәтийжеде ҳуқықый санада фрагментация, яғный ҳәр түрли қарама-қарсы ҳуқықый ҳәм руўхый тәсирлер күшейиўи бақланбақта. Бундай шараятта миллий руўх ҳуқықый сананы руўхый жақтан қорғаўшы әҳмийетли факторга айланады.
Бүгинги күнде, әсиресе, жаслар санлы ҳуқықый қатнасықлардың белсенди қатнасыўшысына айланып үлгерди. Нәтийжеде олардың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый ой-пикиринде де жаңа өзгешеликлер қәлиплеспекте. Соның ишинде, электрон мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў, онлайн билимлендириў платформалары, социаллық тармақлардағы ҳуқықый мәлимлемелер ҳәм санлы сөйлесиў орталығы жасларда ҳуқықый билим ҳәм ҳуқықый жуўапкершиликтиң жаңа көринислерин жүзеге шығармақта. Соның менен бирге, кибержынаятшылық, фейк мәлимлемелер, жеке мағлыўматлардың тарқалыўы сыяқлы қәўип-қәтерлер санлы ҳуқықый мәдениятты арттырыў зәрүрлигин күшейтпекте.
Санлы трансформация шараятында жаслардың ҳуқықый санасын қәлиплестириў тек ғана дәстүрий ҳуқықый тәрбия менен шекленип қалмайды. Санлы ҳуқықый саўатлылық, мәлимлеме мәденияты ҳәм киберқәўипсизлик көнликпелерин раўажландырыў талап етиледи.
Илимий көзқарастан, цифрлы ҳуқықый пикирлеўге цифрлы мәденияттың ҳуқықый компоненти сыпатында да қаралады. Себеби санлы мәденият шахстың улыўма санлы компетенцияларын қамтып алса, санлы ҳуқықый пикирлеў ҳуқықый жақтан пикирлеўди беккемлейди.
Ҳәзирги жаслар бир қатар өзине тән өзгешеликлерге ийе. Соның ишинде, олар дәстүрий қағыйдалар ҳәм нормаларды бийкарлаўға бейимлескен. Себеби олардың санасы ҳәм дүняқарасына заманагөй технологиялар, интернет ҳәм социаллық тармақлар жедел тәсир көрсетеди. Олар арасында клипли пикирлеў усылы үстин болып, бул мағлыўматты терең үйрениў ҳәм таллаў имканиятын шеклейди. Жаслардың актив позициясы көбинесе сиясий нигилизм менен уйқасады. Бул болса жәмийеттиң турақлылығын бузыў ҳәм миллий қәдириятлардың кемситилиўине алып келиўи мүмкин. Солай екен, шаңарақ ҳәм мәҳәлле институтының тәсирин және де күшейтиў зәрүр. Себеби миллий руўх түсинигин аңлаў дәслеп шаңарақтан басланады. Балалықтан шаңарақта сиңдирилетуғын әдеп-икрамлылық, ҳадаллық ҳәм әдиллик түсиниклери кейин ала ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәденияттың қәлиплесиўи ушын беккем тийкар болып хызмет етеди. Мәҳәлле болса жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў ҳәм миллий қәдириятларды жаслардың санасына жеткериўде әҳмийетли көпир ўазыйпасын атқарады.
Бунда тәлим ҳәм тәрбияның үзликсизлиги де әҳмийетли. Үзликсиз билимлендириў системасында – мектеп, академиялық лицей ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде ҳуқықый пәнлерди оқытыўда тек ғана теориялық билимлер менен шекленип қалмастан, миллий-тарийхый мийрасымыз, уллы ойшылларымыздың әдиллик ҳәм ҳуқық ҳаққындағы алдынғы көзқарасларын кеңнен үгит-нәсиятлаў зәрүр.
Миллий руўх тәрбиясы жасларда ҳуқықларын билиў менен бирге, миннетлерин орынлаў жуўапкершилигин де күшейтеди. Ҳуқықый мәдениятлы инсан тек ғана өз мәплерин қорғап қоймастан, ал жәмийет ҳәм мәмлекет алдындағы конституциялық миннетлерин де ҳүжданлы түрде орынлайды.
Жаслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў ҳәм миллий руўхты олардың санасына сиңдириў ушын болса интерактив додалаўлар, тренинглер ҳәм әмелий кейслерди қолланыў жақсы нәтийже береди.
Өткерилип атырған барлық тәрбиялық жумыслар рәсмийликтен жырақ болып, жаслардың қәлбине жетип баратуғын, миллий мақтаныш сезимлерин оятатуғын руўхта шөлкемлестирилиўи керек.
Жаслар көп ўақыт өткеретуғын санлы мәканларда миллий руўхты, жоқары ҳуқықый мәдениятты ҳәм ўатансүйиўшиликти үгит-нәсиятлайтуғын сапалы контентлерди көбейтиў бүгинги күнниң әҳмийетли талабы болып есапланады.
Усылардан келип шығып, "Миллий руўх – жаслар ҳуқықый мәдениятының руўхый тийкары" идеясы тек ғана теориялық емес, ал үлкен әмелий әҳмийетке ийе. Жасларда миллий руўх ҳәм саламат ҳуқықый сана-сезим үйлесикли түрде қәлиплескен жағдайда ғана ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыўдай ийгиликли мақсетлерге ерисиў мүмкин.
Ҳәзирги дәўирде жаслардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жоқарылатыўда әсирлер даўамында жетилисип келген миллий тәрбия системасы ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларға сүйениў үлкен методологиялық әҳмийетке ийе. Ҳәзирги ўақытта бул қәдириятларды заманагөй раўажланыў ҳәм улыўма инсаныйлық жетискенликлер менен илимий тийкарда үйлестириў де әҳмийетли.
Усы көзқарастан, үзликсиз билимлендириў системасында ержетпегенлерде ҳуқықый саўатлылықты арттырыў, демократиялық қәдириятларға ҳүрмет, Ўатанға садықлық, пуқаралық жуўапкершилик және миллий қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаўға қаратылған системалы ҳәм басқышпа-басқыш қатнасты избе-из әмелге асырыў мақсетке муўапық. Күшли руўхый тамыр ҳәм пуқта ҳуқықый билимге ийе жаслар ғана миллий мәплеримизди қорғап, жәмийеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосады.
Ҳусан САИДХЎЖАЕВ,
Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң профессоры,
философия илимлериниң кандидаты