Бул жарыс Тахтакөпир районы Жаслар ислери агентлиги
менен биргеликте шөлкемлестирилип, онда районның барлық аймақларынан спортқа
қызығыўшы жаслар белсене қатнасты.
Қызықлы ҳәм кескин беллесиўлерге толы болған жарыс
жуўмағында Ғәрезсизлик мәкан пуқаралар жыйыны командасы биринши орынды ийелеўге
еристи.
Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды Тахтакөпир
поселкалық пуқаралар жыйыны ҳәм Айдын
жол мәкан пуқаралар жыйыны жаслары жеңип алды.
Илаж жуўмағында жеңимпаз командалар ҳәм усы жарысқа
белсенди қатнасқанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы медаль ҳәм естелик
саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.