7-10-октябрь күнлери болып өткен жарыста 190 ға шамалас мәмлекеттиң жоқары класс оқыўшыларынан ибарат миллий командалары қатнасты. Быйылғы жарыслар "Инновацияларды жанландырыў" темасына бағышланды.

Қатнасыўшылар тоғай өртлериниң алдын алыў, олардың ақыбетлерин азайтыў ҳәм өрттен кейинги тиклениў менен байланыслы ўазыйпаларды орынлаўға мөлшерленген роботларды жойбарлаў ҳәм басқарыў бойынша беллести. Жарыс даўамында командалар халықаралық альянслар қурамында биргеликте иследи.

Финал беллесиўлеринде Венесуэла, Сальвадор, Өзбекстан ҳәм Молдова командалары бирлескен альянс қурамында жеңимпаз болып, алтын медальды қолға киргизди.

Бирлескен Араб Әмирликлери, Япония, Гонконг ҳәм Люксембург командалары қатнасқан альянс гүмис, Қытай, Түркменстан, Кайман атаўлары ҳәм Түркия командалары қатнасқан альянс болса бронза медалына ийе болды.

Сондай-ақ, Өзбекстан сайланды командасы жарыстың “FIRST Global Grand Challenge Award” атамасындағы бас сыйлығын да жеңип алды. Бул сыйлық турнир даўамында ең көп балл топлаған командаға бериледи. Қытай гүмис, Мексика болса бронза медальды қолға киргизди.

Жарыста басқа да бағдарлар бойынша жеңимпазлар анықланды. Соның ишинде, Мексика “FIRST Global International” бағдарламасындағы ең жоқары нәтийжелер ушын берилетуғын Альберт Эйнштейн атындағы сыйлықты жеңип алды. Румыния гүмис, Түркия бронза медаль менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, тоғай өртлери машқаласына байланыслы жаңа технологиялар ҳәм инновациялық шешимлерди ислеп шығыўға қаратылған “Igniting Innovation New Technology Experience” бағдарламасы шеңберинде Кайман атаўлары алтын, Молдова гүмис, Словакия болса бронза медалына ийе болды.

“FIRST Global Challenge” жарысы жаслардың робототехника ҳәм инженерлик тараўындағы билимлерин сынақтан өткериў менен бирге, ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң оқыўшылары арасында халықаралық бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў имканиятын да береди.

Илаж жуўмағында 2027-жылғы “FIRST Global Challenge” жарысы Испанияның Мадрид қаласында өткерилетуғыны жәрияланды.