Ведомстволық акт пенен төмендеги мәкемелердиң бас бухгалтерлери (жетекши бухгалтерлери ҳәм бухгалтерлери), сондай-ақ, кадрлар бойынша инспекторлары ушын тариф разрядлары ҳәм көп жыллық хызмет ушын ҳәр айлық үстемелер белгиленеди:
реабилитация орайы болған мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери;
көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм аралас типтеги мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери;
экспериментал мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери;
қәнигелестирилген мектеплер;
көп функциялы инклюзив-ресурс мектеплери;
көп тармақлы мектеплер ҳәм мектеп-интернатлар;
қәнигелестирилген мектеп-интернатлар;
арнаўлы техникумлар;
көп функциялы инклюзив-ресурс орайының жумысы.
Бунда лаўазым айлығына көп жыллық хызмет ушын ҳәр айлық үстеме төлеў төмендеги муғдарларда белгиленеди:
1 жылдан 3 жылға шекемги жумыс стажы ушын - 30%;
3 жылдан 5 жылға шекемги жумыс стажы ушын - 60%;
5 жылдан 10 жылға шекемги жумыс стажы ушын - 80 %;
10 жылдан 15 жылға шекемги жумыс стажы ушын - 100%;
15 жыл ҳәм оннан артық жумыс стажы ушын - 120%.