Бул ҳаққында Өзбекстан Президенти Администрациясы басшысы Саида Мирзиёева мәлим етти. Оның атап өтиўинше, бул мәмлекет тарийхындағы ең жоқары суверен кредит рейтинги есапланады. "ВВВ−" инвестициялық дәрежесине ерисиў ушын Өзбекстанға бир басқыш қалды.
Рейтингтиң жоқарылаўы экономикалық реформалар, тең салмақлы финанслық сиясат ҳәм Президентимиздиң стратегиялық жолының нәтийжеси болды. Агентлик, сондай-ақ, жумысшы топарымыз аналитиклер менен реформалардың нәтийжелерин ашық-айдын ҳәм мазмунлы додалап, олардың сораўларына оператив түрде жуўап бергенин атап өтти.
Биз инвесторлардың Өзбекстанға болған исенимин беккемлеў, жаңа инвестициялар ушын шараят жаратыўды даўам еттиремиз", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.