Кеңирек айтқанда, дүнья технологиялық жеткерип бериў шынжырының орайы Шығыс Азияда жайласқан. Бул жерде ярымөткизгишли чип ҳәм дисплейлерден баслап баспа плата, смартфон ҳәм компьютерлерге шекем ислеп шығарылады.

Инфографикада цифрлы техника тараўында дүньядағы өндирис қуўатлықларының үлеси бойынша мәмлекетлер, сондай-ақ, әҳмийетли өндирис орайларындағы ең ири электрон санаат компаниялары көрсетилген. Визуаллық мағлыўматлар “Ember” шөлкеми тәрепинен таярланған болып, 2024-2025-жылларды өз ишине алады, деп жазбақта naked-science.ru.

Бир ғана Қытайдың өзине санлы техника тараўындағы жәҳән өндирис қуўатлықларының дерлик бестен үш бөлеги туўра келеди. Оның өндирислик экосистемасы смартфон ҳәм компьютерлер, дисплейлер, баспа платалар ҳәм басқа да электрон бөлеклерди ислеп шығарыўды қамтып алады. Қытайдың үлеси 58,8 процентти қурайды - бул 10,2 процент көрсеткиш пенен екинши орында турған Тайванға салыстырғанда дерлик алты есеге көп. Қытайдың өндирислик қуўатлылықлары да рейтингте келтирилген барлық мәмлекетлердиң улыўма үлесинен жоқары.

Қытай ярымөткизгишлер, жасалма интеллект ҳәм басқа да стратегиялық әҳмийетке ийе технологияларды раўажландырыўды нәзерде тутатуғын жаңа бес жыллық реже шеңберинде электроника санаатындағы орнын беккемлеўди даўам еттирмекте. Интеграл схемаларды ислеп шығарыўдың пүткил шынжырына, соның ишинде, чиплер ислеп шығарыўға айрықша итибар қаратылмақта, себеби Пекин Батыс технологияларына байланыслылықты азайтыўға умтылмақта. 2030-жылға барып усы бағдарлар менен байланыслы тармақлардың жәми операциялық түсимлерин 4,5 триллион долларға жеткериў мөлшерленген.

Жәҳән қуўатлықларының және 21,7 проценти Тайван, Қубла Корея ҳәм Япония үлесине туўра келеди. Солай етип, төрт жетекши мәмлекетке жәми 80,5 процент туўра келеди. Олардың ҳәр бири глобал технологиялық жеткерип бериў шынжырында әҳмийетли орын ийелейди. Тайван ярымөткизгишлер ислеп шығарыў ҳәм электрон техникаларды жыйнаў бойинша ен ири орайлардан бири, Қубла Корея, әсиресе, ярымөткизгишлер ҳәм дисплейлер ислеп шығарыўға қәнигелескен, Япония болса әййемнен қәлиплескен электроника санаатына ийе. Бул экономикалар биргеликте ярымөткизгишлер, электрон компонентлер ҳәм дисплейлер, таяр техника ислеп шығарыўды өз ишине алған тығыз регионаллық өндирис шынжырын қурайды. Бас резиденциялары усы базарларда жайласқан ири компаниялар қатарына TSMC, Foxconn, Samsung, BOE ҳәм Sony киреди.

Шығыс Азиядағы төрт жетекши мәмлекеттен тысқары бесинши орында Ҳиндстан турыпты - жәҳән өндирис қуўатлықларының 3,8 проценти усы мәмлекетке туўра келеди. 3,6 процент көрсеткиш пенен Вьетнам бираз артта қалмақта. Кейинги орында АҚШ - 2,9%.

Рейтингке Қубла-Шығыс Азияның бир қатар мәмлекетлери де киргизилген. Жәҳән қуўатлықларының 1,3 проценти Таиландқа, 0,7 проценти Сингапурға, 0,6 проценти Малайзияға, 0,3 проценти Индонезияға туўра келеди. Салыстырыў ушын, усынылған мағлыўматлар топламында Европаның ең ири мәмлекети болған Германияға тек ғана 0,7 процент туўра келеди.