Япон балалар бақшаларында тәжирийбе өткерген психологлар соны анықлады, кишкентайлар шама менен бес жасқа толғанда ишлеринде исенимли есаплай баслайды. Бирақ мектепке шекемги жастағы балалар буны қалай ислейтуғынын түсиндирип бере алмайды.

Бул ҳаққындағы мақала “Acta Psychologica” журналында басып шығарылған, деп хабар берди “science.mail.ru”.

Ишки монологты алып барыў қәбилети үлкенлер ушын тәбийий болып есапланады. Мәселен, сүт сатып алыўды өзине еслетиў ямаса болажақ гүрриңди мийде шынығыў сыяқлылар ишки сөйлеў есапланады. Бул дыққат ҳәм өзин-өзи қадағалаў менен байланыслы есапланады, бирақ жаңа изертлеў бул байланыслылық толық тексерилип көрилмеген.

Жас балалар көбинесе өз ҳәрекетлерин даўыслап түсиндиреди. Мине усы сөйлесиў процеси пикирлеўге байланысып атырған ўақытты байқап алыў қыйын. Себеби мектепке шекемги жастағы балалар ишки жағдай ҳәм көзқарасларын түсиндирип бере алмайды, әлбетте. Соның ушын ата-аналар ҳәм педагоглар баланың бул ўақытта нелер ислей алатуғынын толық түсиниўи қыйын.

Изертлеўшилер Кота Отани ҳәм Юсуке Моригути балаларға әпиўайы тест — беске шекем санаўды усынды. Тәжирийбеде Япония бақшаларынан үш жастан алты жасқа шекемги 77 бала ҳәм 25 оқыўшы қатнасты. Ҳәр ким планшетиндеги таймерди иске түсириў түймесин басар, беске шекем санар ҳәм тоқтатыў түймесин басар еди. Экранда секундлар көринбес еди. Дәслеп даўыслап саналады, соң сол тезликте иштен қайта саналады.

Ақыл раўажланыўының жасырын басқышы

Шеберликти баҳалаў ушын алымлар урыныўдан урыныўға шекемги есаплаў ўақыты қаншелли турақлы екенлигин тексерди. Даўыссыз, яғный иштен есаплаў жас өтиўи менен турақлыласып барады, даўыслап есаплаўда болса бундай нызамлылық табылмады.

Изертлеўде киширек балалар еринлерин тез-тез қыймылдатып әсте сеслер шығаратуғын ямаса бармақлары менен санайтуғын еди. Жуўмақлаўшы таллаўға 58 бала киргизилди: 19 – тийкарынан ең киши балалар ўақыт ҳәм тәртип-қағыйдалар менен байланыслы машқалалар себепли процесстен шетлетилди.

Соң балаларға ишки сөйлеў ҳаққында сораўлар берилди. 29 баланың жуўаплары талланды. Дерлик барлық үлкен жастағылары өзлери менен өзлери сөйлесип атырғанын тастыйықлады. Балалардың жуўаплары болса ҳәр қыйлы, бирақ тосыннан келген жуўаплардан жақсырақ емес еди. Турақлы санайтуғынлардың ишки сөйлеўи басқалардан жақсырақ емес еди. Қызығы сонда, үлкенлер даўыслап есаплаўды иштен санаўдан гөре мақул тапты. Бәлким бунда өз дауысы белгили бир ритмди сақлаўға жәрдем берер.

Жуўмақлап айтқанда, бул ата-аналар ҳәм тәрбияшылар ушын әҳмийетли: егер кишкене баладан пикирлерин баянлаўына қарап ол әллеқашан пайдаланып атырған көнликпелерди жетерли дәрежеде баҳалай алмаўыңыз мүмкин.

Жумыстың кемшиликлери де бар: беске шекем санағанына қарап олардың қалай ойлаў дәрежесин баҳалаў қыйын. Алдын өткерилген еслеў тестинде шама менен жети жастағыларда ишки сөйлеў белгилери анықланды. Бирақ басқа изертлеўшилер буны кишкенелер ушын жүдә қыйын деп есаплаган.