Бул қурылма реал ўақыт режиминде мийдиң белсендилигин бақлап барады, дыққаттың жоғалыўын сезгенде жумыстан тәнепис бериўди усыныс етеди. Ол сыртқы көринисинен гаджет шаўқымды төменлетиўши әпиўайы аудиотехникадан парық қылмайды, деп хабар береди “science.mail.ру”.
***
Американың “Neurable” компаниясы дыққатты жәмлеў ҳәм ақылый шаршаўды бақлаў ушын орнатылған сенсорларға ийе “Neurable One” сымсыз қулақшынларын усынды. Қурылма мийдиң электр активлигин реал ўақыт режиминде көрсетпелерге айландырады.
Сыртқы көринисинен бул модель шаўқымды жедел пәсейтетуғын қулақшынларға уқсайды. Бирақ оның тийкарғы өзгешелиги қулақшынның ишинде жасырынған. Оның ҳәр бир тамында 6 дан қурғақ электроэнцефалография (ЭЭГ) датчиги бар, сырттан пүткиллей көринбейди.
Сенсорлар 125 Гц жийиликли ҳәм 16 бит анықлықтағы сигналларды дизимге алады. Арнаўлы алгоритмлер жүриў, жақ ҳәрекетлери, атқарылып атырған музыка ҳәм шаўқымды азайтыў системасынан келип шығатуғын турмыслық тосқынлықларды сапластырады. Ислеп шығыўшылардың атап өтиўинше, технология тек ғана улыўмалық искерлик үлгилерин оқыйды ҳәм инсанның пикирлери, сөзлери, визуал көринислери ямаса сезимлерин оқый алмайды.
Қулақлықтағы сенсорлар қалай ислейди?
Топланған мағлыўматлар “iOS” ҳәм “Android” қосымшаларына жибериледи, бул болса биологиялық кери байланыс шеңберин жаратады. Компьютерде ислегенде программа ҳәзирги дыққаттың топланыў дәрежесин көрсетеди, дыққат жоғалғанда сес фонын бираз өзгертеди. Шаршаў белгилери анықланғанда бес минутлық тәнепис бериўди усыныс етеди, мәселен, суўық суў менен жуўыныў.
Улыўма алғанда, система сегиз көрсеткишти, соның ишинде, дыққатты жәмлеў, когнитивлик жүклеме, уйқышыллық, альфа-ритмниң ең жоқары жийилиги ҳәм шәртли "мий батареясы қуўатлылығы"н бақлап барады. Барлық көрсеткишлер басқа адамлардың орташа көрсеткишлери менен емес, ал ийесиниң жеке базалық нормасы менен салыстырылады. Буннан тысқары, екинши чашка кофе, жаман уйқы ямаса қысқа жүриў мий искерлигине қандай тәсир еткенин тексериў ушын көзлерди жумып бир минутлық тестти иске түсириў мүмкин.
Даўыс ушын 40 миллиметрли бериллий нурландырыўшылар ҳәм он микрофон жуўап береди, “Bluetooth” болса “AAC” ҳәм “aptX” кодеклерин қоллап-қуўатлайды. Нейродатчиклерсиз аккумулятор 22 саатлық музыкаға жетеди, ЭЭГниң жедел қадағалаўы менен ислеў ўақты қысқарады, бирақ “USB-С” арқалы тез зарядлаў бир неше минут ишинде бир неше саат ислеў имканиятын береди.
Дөретиўшилер шама менен 500 доллар туратуғын гаджет медициналық қурылма емеслигин ҳәм кеселликлерди диагнозлаў ямаса емлеў ушын мөлшерленбегенлигин, ал мий жумысы ҳаққындағы мағлыўматлар сатылмайтуғынын ҳәм реклама ушын пайдаланылмайтуғынын ескертеди.
Қәнигелердиң пикиринше, сезилмейтуғын сенсорлар мий жағдайын бақлаўды бүгинги күнде ақыллы саатларда пульсти өлшеў сыяқлы әдеттеги ўазыйпаға айландырыўы мүмкин.
Бурын сымсыз қулақшынлар дүньяны көриў ҳәм жасалма интеллект пенен байланысыўды үйреткен еди.