Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Бул дизимнен өткериў Самарқанд нанының өзине тәнлигин тән алыў, миллий гастрономиялық мийрасты сақлаў ҳәм өнимниң базардағы абырайын арттырыў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болып есапланады.
"Самарқанд наны" атамасының географиялық көрсеткиш ҳәм товар белгиси сыпатында дизимнен өткерилиўи миллий брендлерди ҳуқықый қорғаў ҳәм олардың экономикалық потенциалын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
"Товар белгилери, хызмет көрсетиў белгилери ҳәм товарлар келип шыққан орын атамалары ҳаққында"ғы нызамға муўапық, товар белгиси ушын гүўалық 10 жыл мүддетке бериледи.
Мағлыўмат ушын, 2025-жыл февраль айында "Самарқанд наны" географиялық көрсеткиш сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилген еди.