Илаж еки мәмлекеттиң стартап экосистемаларын халықаралық майданда алға қойыў, жергиликли стартаплар ҳәм британиялы инвесторлар, потенциаллы шериклер ҳәм қарыйдарлар арасында байланыс орнатыў, халықаралық базарларға шығыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған.

“Digital Eurasia - Growth Hub Grand Opening” шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қазақстаннан 12 стартап британиялы аудиторияға өзиниң технологиялық шешимлерин усынды.

Илаж 250 ден аслам қатнасыўшыны, соның ишинде, венчур фондларының ўәкиллери, бизнес-периштелер, технологиялық компаниялар ҳәм халықаралық стартап экосистемаларының ўәкиллери, сондай-ақ, Уллы Британияда жасап атырған Өзбекстан ҳәм Қазақстаннан келген технологиялық тараў ўәкиллерин бирлестирди.

Атап айтқанда, илажда “NVIDIA”, “Startupbootcamp”, “EBRD VC”, “Molten Ventures”, “Innowise”, Уллы Британия Сыртқы ислер ҳәм халықаралық раўажланыў министрлиги (FCDO), “Citibank” ҳәм “Sturgeon Capital”, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстанның Уллы Британиядағы елшилери қатнасты.

“Eurasia Growth Hub”тың иске қосылыўы Өзбекстан ҳәм Қазақстан стартап экосистемалары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, региондағы стартаплардың халықаралық инвестициялық ҳәм исбилерменлик байланысларын кеңейтиў, сондай-ақ, Уллы Британия базарында жаңа имканиятларды өзлестириў жолында әҳмийетли қәдем болды.