Жойбар үстиндеги жумыслар июнь айында Ташкент халықаралық инвестиция форумында басланған еди. Усындай қысқа ўақытта оны әмелге асырыў ушын 10 миллион доллардан аслам қаржы ажыратылып, Ташкентке үскенелер алып келинди. Жойбар жедел басқышта.
Биринши басқыш – “INNOVATION TECHNOLOGIES” заводының баҳасы 42 миллион доллар, соның ишинде, 29,4 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестициясы болып есапланады. Жойбарларды буннан былай да кеңейтиў имканиятлары 200 миллион доллардан аслам баҳаланбақта.
29,2 гектар майданда 180 ден аслам түрдеги трансформатор, генератор, электр двигатель, насос, подстанция ҳәм бөлистириў қурылмаларын ислеп шығарыў режелестирилген. Старттағы локализация 45% ти қурайды. 650 жумыс орнын жаратыў, қәнигелерди АҚШ стандартлары тийкарында оқытыў нәзерде тутылған. Есап-санақ етилген жыллық салық түсимлери - шама менен 165 млрд сум.
Өндирис лазерли кесиў, роботластырылған кепсерлеў, санлы программалық басқарыў (СПБ) станоклар ҳәм сынаў лабораториясын өз ишине алады. Ири поковкалар ҳәм қурамалы металл конструкциялар ислеп шығарыўды өзлестириў режелестирилген. Үскенелер регионаллық базарлардың талаплары ҳәм Американың “ANSI/IEEE” стандартларын есапқа алған ҳалда ислеп шығарылады.
Айрықша бағдар - мыс материалларынан таярланған жоқары технологиялық өнимлер ҳәм дата-орайлар ушын энергия үскенелери, соның ишинде, трансформаторлар, санлы подстанциялар, суўытыў системалары ушын генератор ҳәм насослар. Сондай-ақ, АҚШ инжиниринг ҳәм Ташкенттеги үскенелерден пайдаланған ҳалда қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў жойбарлары көрип шығылды.
Компания суўғарыў каналлары үстине қуяш панельлерин орнатыў бойынша Калифорния тәжирийбесин усынды. Ташкент қаласында ямаса ўәлаятта электр энергиясын қосымша жер ажыратпаған ҳалда ислеп шығарыў ҳәм суўдың пуўланыўын азайтыў бойынша тәжирийбе жойбарын көрип шығыў усыныс етилди.
Жаңа базарларға шығыў - жойбардың әҳмийетли бөлеги. Өндирис номенклатурасы ҳәм көлеми анық буйыртпалар тийкарында қәлиплестириледи, компания болса тутыныўшыларға жеткерип бериўди шөлкемлестиреди. Дәслеп өнимлер Орайлық Азия ҳәм ҒМДАға, келешекте АҚШ базарына бағдарланады.
Өндиристиң биринши басқышын 2027-жылдың ақырына шекем иске қосыў режелестирилген. Жойбар мыс ислеп шығарыўды тереңлестириў, жоқары қосымша қунлы өнимлерди өзлестириў, жергиликли кәрханалар ушын буйыртпалар жаратыў, импорт етилетуғын энергия үскенелерине байланыслылықты азайтыў имканиятын береди.