Суд-ҳуқық тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, суд экспертизасын санластырыў, "Санлы суд" әмелиятын енгизиў ҳәм жасалма интеллект технологияларын қолланыў бойынша тәжирийбе алмасыў сөйлесиўлердиң тийкарғы темасы болды.
Ушырасыўда еки мәмлекет басшыларының ҳәрекетлери себепли Өзбекстан менен Түркия арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени, қәўипсизлик ҳәм ҳуқық-қорғаў тараўындағы бирге ислесиў избе-из кеңейип атырғаны атап өтилди.
Седат Айылдыз Түркия делегациясының сапар етиўинен мақсет Өзбекстанның суд-экспертлик жумысын шөлкемлестириў бойынша тәжирийбесин үйрениў, әмелий тәжирийбелерди алмасыў ҳәм қәнигелескен бағдарлар бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў екенин атап өтти.
Сондай-ақ, түрк тәрепи Әдиллик министрлигиниң суд экспертизасын раўажландырыў, жумыс процесслерин санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў бағдарындағы жумыслары ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда, Суд-медицина мәкемесинде химия, биология, ДНК, физика ҳәм санлы криминалистика тараўларында изертлеўлер алып барылмақта. Буннан тысқары, “UYAP” мәлимлеме системасы суд-ҳуқық тараўында жумыс процесслерин автоматластырыў ҳәм электрон ҳүжжет айланысын тәмийинлейди.
Өзбекстан тәрепи, өз гезегинде, ушырасыў қатнасыўшыларын экспертлик-криминалистика тараўындағы реформалар ҳәм Ишки ислер министрлиги Экспертлик-криминалистика бас орайының жумысы менен таныстырды.
Ишки ислер уйымларының эксперт-криминалистика хызметиниң тарийхы Самарқандта Дактилоскопия илимий-техникалық кабинетиниң шөлкемлестирилиўи менен басланғаны атап өтилди. Бүгинги күнде хызмет заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм технологияларға ийе болып, ўақыя жүз берген орынларда излер ҳәм айғақлы дәлиллерди табыў және тексериў, суд экспертизаларын өткериў, сондай-ақ, жүзлердиң сүўретлери, бармақ излери ҳәм ДНК-профильлерин өз ишине алған криминалистикалық мағлыўматлар базаларын жүргизбекте.
Санластырыў, автоматластырыў ҳәм заманагөй мәлимлеме системаларын енгизиў тараўды буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары сыпатында атап өтилди.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер санлы криминалистика, биометрикалық идентификация, ДНК-анализ, эксперт изертлеўлерин электрон басқарыў ҳәм жасалма интеллектти қолланыў тараўларында тәжирийбе алмасыў перспективаларын додалады. Қәнигелердиң маманлығын арттырыў бойынша қоспа семинарлар ҳәм илажлар өткериў имканиятлары да көрип шығылды.
Ушырасыў Өзбекстан ҳәм Түркияның суд-экспертлик тараўындағы бирге ислесиўин раўажландырыў, кәсиплик тәжирийбе алмасыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў бағдарындағы гезектеги қәдем болды.