Бул ҳаққында Өзбекстан Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти хабар бермекте.

Рәсмий қабыллаў жуўмағында Өзбекстан Республикасы қорғаныў министриниң биринши орынбасары - Қураллы Күшлер Бас штабының баслығы, генерал-майор Зайнобиддин Иминов ҳәм Түркия Республикасы Қураллы Күшлери Бас штабының баслығы, армия генералы Сельчук Байрактароглу арасында еки тәреплеме сөйлесиў болып өтти.

Ушырасыў алдынан Түркия делегациясының басшысы миймандос Өзбекстан жеринде болғанынан қуўанышлы екенин билдирип, шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Сөйлесиўлерде тәреплер қорғаныў тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, ерисилген нәтийжелер ҳәм перспективадағы тийкарғы ўазыйпаларды ҳәр тәреплеме додалады. Өз-ара бирге ислесиўдиң бар потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да беккемлеў ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы бағдарларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Сапар бағдарламасына муўапық, Түркия Республикасы делегациясы Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетинде де болды. Мийманларды университет баслығының биринши орынбасары генерал-майор Фарҳоджон Шерматов күтип алып, билимлендириў мәкемесиниң жумысы ҳәм тийкарғы ўазыйпалары менен таныстырды.

Буннан соң делегация ағзалары әскерий кадрларды таярлаў ушын жаратылған шараятлар, заманагөй оқыў-материаллық база ҳәм билимлендириў процесиниң шөлкемлестирилиўи менен танысты.