Усы жылдың декабрь айынан баслап Стамбулдан Бухара ҳәм Әндижанға, 2027-жылдың март айынан Термизге тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў режелестирилген. Бул авиакомпанияның кең халықаралық жөнелислер тармағы себепли тек ғана Түркиядан емес, ал Европа, Жақын Шығыс ҳәм басқа да регионлардан Өзбекстанға туристлер ағымын көбейтиў ушын жаңа имканиятлар жаратады.
Бул ҳаққында 11-ноябрь күни Ташкентте “Pegasus Airlines” авиакомпаниясы тәрепинен шөлкемлестирилген презентация ўақтында мәлим етилди. Илажда Өзбекстан Республикасы Туризм комитети ўәкиллери қатнасты.
Жаңа авиақатнаўлардың жолға қойылыўы Туризм комитети баслығы Абдулазиз Аққуловтың Түркияға әмелий сапары шеңберинде “Pegasus Airlines” авиакомпаниясы басшылары менен өткерилген сөйлесиўлерде ерисилген келисимлердиң әмелий нәтийжелеринен бири болды.
Ушырасыўда тәреплер арзан авиақатнаўларды кеңейтиў, Стамбул арқалы Өзбекстанға транзит жолаўшыларды тартыў, авиакомпанияның халықаралық жөнелислер тармағынан пайдаланған ҳалда сырт ел базарларында мәмлекетимиздиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўға келисип алды.
“Pegasus Airlines” авиакомпаниясы дүньяның 58 мәмлекетинде 160 тан аслам жөнелис бойынша пәрўазларды әмелге асырады. Презентацияда атап өтилгениндей, 2026-жыл 14-декабрьде "Стамбул - Бухара," 2026-жыл 18-декабрьде "Стамбул - Әндижан" ҳәм 2027-жыл 1-марттан "Стамбул - Термиз" жөнелиси бойынша дәслепки рейслер әмелге асырылады. Дәслепки басқышта Бухара ҳәм Термизге пәрўазлар ҳәптесине үш мәрте, Әндижанға болса еки мәрте әмелге асырылады.
Жаңа жөнелислер сырт елли туристлерге саяхатын тиккелей Өзбекстан аймақларынан баслаў имканиятын береди. Бухара елимиздиң тарийхый-мәдений мийрасы менен, Әндижан Ферғана ойпатының туристлик орынлары менен, Термиз Сурхандәря ўәлаятының бай археологиялық ҳәм тарийхый мийрасы менен танысыў ушын және де қолайлы бағдар болады.
Сондай-ақ, бирге ислесиў шеңберинде биргеликтеги маркетинг кампаниялары, танысыў сапарлары, туроператорлар менен Б2Б ушырасыўларын өткериў, келешекте Қаршы ҳәм Нөкиске авиарейслерди ашыў имканиятларын көрип шығыў нәзерде тутылған.
Жаңа авиақатнаўлар ҳәм биргеликтеги үгит-нәсиятлаў илажлары сырт елли туристлер ушын Өзбекстанға келиў имканиятларын кеңейтиў, транзит жолаўшыларды тартыў, мәмлекет аймақларына туристлер ағымын көбейтиў ҳәм Өзбекстанның халықаралық туризм базарындағы орнын беккемлеўге хызмет етеди.