Сапар етиў шеңберинде түркиялы белгили кинопродюсерлер менен еки мәмлекет кинодөретиўшилери арасындағы кәсиплик байланыслар ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған ушырасыўлар өткерилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Түркияда жасап атырған ўатанласларымыз бенен ушырасыўларға айрықша бағдарлама берилди. Атап айтқанда, 5-ноябрь күни Стамбул қаласындағы Кент университетинде Жаҳонгир Аҳмедов, сондай-ақ, өзбек режиссёр ҳәм актёрлары өзбек диаспорасы ўәкиллери менен ушырасты. Сондай-ақ, жерлеслеримиз ушын бир неше өзбек фильмлериниң премьералары шөлкемлестирилди.

Фестивальдың жабылыў ҳәм сыйлықлаў мәресими 7-ноябрь күни Стамбулдағы Ататүрк мәденият орайында болып өтти. Таңлаў жуўмағында өзбекстанлы режиссёр Мўминжон Турсуновтың "Өмирге қуштарлық" фильми "Ең жақсы ҳүжжетли фильм" номинациясы бойынша екинши, Матёқуб Матчанов болса "Ең жақсы актёр" номинациясы бойынша сыйлы орынларды ийеледи.

Түркий дүньяның туризм пайтахтының рәмзий гилтин Ташкентке тапсырыў мәресиминиң әҳмийетли ўақыясы болды. Өзбекстан пайтахтына 2027-жыл ушын усы статус берилгени мүнәсибети менен Түркия мәденият ҳәм туризм министри Меҳмет Нури Эрсой Өзбекстан Туризм комитетиниң баслығы Абдулазиз Аққуловқа 2026-жылы усы атаққа ийе болған Анқараның символикалық гилтин тапсырды.

Түркия министри өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанның бай тарийхый-мәдений мийрасы, өзине тән дәстүрлери ҳәм туризм потенциалын атап өтти. Оның атап өтиўинше, Ташкенттиң жаңа статусы түркий мәмлекетлер арасында туризм тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын қосымша имканиятлар жаратады.

Абдулазиз Аққулов фестиваль қатнасыўшыларын қутлықлап, барлық түркий мәмлекетлердиң ўәкиллерин 2027-жылы Ташкентке келиўге мирәт етти. Сондай-ақ, ол сырт елли кинодөретиўшилерди Өзбекстанға келип, елимиздиң әййемги қалалары, тарийхый естеликлери, тәбийғый ландшафтлары ҳәм мәдений мийрасын өз фильмлеринде сәўлелендириўге шақырды.

Солай етип, Өзбекстанның "Қорқыт ата" фестивалында қатнасыўы тек ғана миллий кинематографияны үгит-нәсиятлаў емес, ал түркий дүнья мәмлекетлери менен мәдений ҳәм туристлик байланысларды беккемлеў майданына айланды.