Ушырасыўда Оман Саўда-санаат палатасының баслығы Шайх Файсал ал-Равос, «SABCO Group» компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Саид Холид бин Ҳамад ал-Бусаидий, «Voltamp Energy» директорлар кеңесиниң баслығы Саид Айман ал-Бусаидий, «Asyad Group» бас атқарыўшы директоры Абдураҳмон бин Салим ал-Хатмий, «Zubair Corporation» басқармасының баслығы Рашад Муҳаммад аз-Зубайр, сондай-ақ, «UzOman» компаниясының басшысы Омар Баҳрам қатнасты.

Өзбекстан-Оман инвестициялық компаниясының устав капиталын арттырыў, таў-кән, электротехника, химия тармақлары, "жасыл" энергетика, қала қурылысы, транспорт ҳәм логистика, инфраструктура, аўыл хожалығы ҳәм басқа да перспективалы бағдарларда қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Шөлкемлестирилип атырған Өзбекстан - Оман исбилерменлер кеңеси еки мәмлекет исбилерменлери арасында тиккелей сөйлесиўди тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында алға қойылған басламаларды әмелге асырыў бойынша биргеликтеги жумысшы топарды шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелерин ҳәр шеректе додалап барыўға келисип алынды.