Мәмлекетимиздиң ҳаўа аймағында мәмлекетимиз басшысының самолётына Патшалық әскерий-ҳаўа күшлериниң қырыўшы самолётлары жолдаслық етти.

Маскат халықаралық аэропортында Өзбекстан Президентин Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саид ҳәм султанлықтың жоқары мәртебели рәсмий шахслары күтип алды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Жетекшилер рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлап, ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти.

Аэропорттың "Патшалық терминалы"ндағы қысқа сәўбеттен соң мәмлекет басшылары биргеликте "Ал-Алам" сарайына жол алды.