Сарайға кирер жерде мәмлекетимиз басшысы ҳәм Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саид минген автомобильди атлы ҳүрметли қараўыл күтип алып, шығарып салды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине 21 рет артиллериядан салтанатлы түрде оқ жаўдырылды. Сарай алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Мәмлекет басшылары минберге көтерилди. Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады.

Жетекшилер еки мәмлекет рәсмий делегацияларының ағзаларын қутлықлады.

Салтанатлы мәресим жуўмақланғаннан соң, сарайда жоқары дәрежедеги ушырасыў басланды.