Рейтингти ҳәр жылы Иордания пайтахты Аммон қаласында жайласқан Патшалық ислам стратегиялық изертлеўлер орайы (Royal Islamic Strategic Studies Centre - RISSC) дүзеди. «The Muslim 500» 2009-жылдан баслап шығарылып атырған бул басылым мусылман дүньясына сиясий, экономикалық, диний, илимий, мәдений ҳәм социаллық тәсир көрсетип атырған инсанлар ҳаққында сөз етеди.
2027-жылғы санада Өзбекстан Президентиниң жумысы экономикалық реформалар, халықаралық бирге ислесиў, регионаллық дипломатия, билимлендириў ҳәм мәдениятты раўажландырыў, ислам мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў көзқарасынан сәўлелендирилген.
Атап айтқанда, экономиканы либералластырыў, валюта реформаларын әмелге асырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў, сыртқы саўданы кеңейтиў, аўыл хожалығын модернизациялаў, пахташылықта системалы мәжбүрий мийнетти сапластырыў илажлары атап өтилди.
Орайлық Азия мәмлекетлери менен жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеў, регионаллық саўда ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў, Өзбекстанның халықаралық майдандағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылды.
«The Muslim 500» басылымында Өзбекстанның бай ислам ҳәм мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў, оны илимий жақтан үйрениў ҳәм халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў бағдарындағы басламалар айрықша орын ийелейди.
Имам Бухарий ҳәм Имам Мотуридий естелик комплекслерин шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў, Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайларын қоллап-қуўатлаў, тарийхый медреселер ҳәм зыярат етиў орынларын қәстерлеп сақлаў мәселелери атап өтилди.
Бул бағдардағы әҳмийетли жойбарлардан бири Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы болып есапланады.
Комплекс мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген. Ол халықтың үш мың жыллық тарийхын, уллы бабаларымыздың илим ҳәм жәҳән цивилизациясына қосқан үлесин, ислам дүньясының бай илимий-ағартыўшылық мийрасын үйрениў ҳәм кеңнен таныстырыўға қаратылған.
Орайдың концепциясы тийкарында ислам дининиң адамгершилик мазмун-мәнисин, ағартыўшылық, илим, кеңпейиллик ҳәм жақсылық идеяларын заманагөй көзқараслар тийкарында сәўлелендириў белгиленген. Бир пүтин экспозицияда түрли дәўирлердеги бийбаҳа қолжазбалар, тарийхый буйымлар, уллы илимпазлардың илимий мийрасы ҳәм мәдений қәдириятлар жәмленген.
Ислам дүньясы ушын айрықша руўхый әҳмийетке ийе естеликлер, соның ишинде, Қуран залында сақланып атырған Усманов мушафы айрықша орын ийелейди. Олар Өзбекстан халқының жәҳән цивилизациясы тарийхындағы орны ҳәм жуўапкершилигин көрсетеди.
Бүгин Орай миллий тарийх ҳәм руўхый мийрасты үйрениў, халықаралық илимий қарым-қатнас, мәдений дипломатия ҳәм цивилизациялараралық бирге ислесиў ушын майдан ўазыйпасын атқармақта. Оның жумысы арқалы дүнья жәмийечилиги Өзбекстаннан жетисип шыққан уллы ойшыллардың мийрасы, олардың илим, ағартыўшылық ҳәм инсаният раўажланыўына қосқан үлеси менен таныспақта.
«The Muslim 500» де бул басламалардың тилге алыныўы Өзбекстанның ислам мийрасын қәстерлеп сақлаў, илимий-ағартыўшылық дәстүрлерди даўам еттириў ҳәм оларды халықаралық көлемде ғалаба ен жайдырыўға болған итибарын сәўлелендиреди.
Мағлыўмат
«The Muslim 500» басылымында дәслепки 50 адам өз алдына рейтингте көрсетилген, қалған 450 қатнасыўшы жумыс бағдарлары бойынша бөлистирилген. Дизимнен сиясат, илим, дин, мәденият, көркем өнер, спорт, ғалаба хабар қураллары ҳәм басқа да тараўлардың ўәкиллери орын алған.
Басылым авторларының атап өтиўинше, дизимге киргизилиўи инсанның мусылман дүньясына тәсирин сәўлелендиреди.