Сөйлесиў даўамында Фредерик Старр Президент Шавкат Мирзиёевтиң халықаралық майданда ҳәм регионда қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы басламаларын жоқары баҳалайтуғынын билдирди.
Сондай-ақ, эксперт Өзбекстанда медиа тараўында әмелге асырылып атырған өзгерислер ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлерди айрықша атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында сырт ел ғалаба хабар қураллары ушын аналитикалық мақалалар таярлайтуғын журналистлер ҳәм сиясий шолыўшыларды таярлаў бойынша бирге ислесиўге келисип алынды.
Бул бағдарда журналистлер ҳәм сиясий шолыўшылардың маманлығын арттырыў, халықаралық медиа майданында Өзбекстан ҳаққындағы таллаў материалларының көлемин кеңейтиў мәселелери бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларынан болыўы мүмкин.