Кейинги ўақытлары барған сайын ғалаба ен жайып атырған социаллық тармақ ҳәм рәсмий интернет басылымларында усындай итибар тартар, шаўқымлы ўақыя-ҳәдийселер жарытылған материаллар көбейгендей. Ҳәттеки уятлы видеолар ушырасып атыр.

Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес интернет басылымлары ўәкиллериниң бундай мазмундағы мәлимлемени таярлаў ҳәм жәриялаўға қызығыўшылығының себеби неде?! Буған жуўап ретинде соны айтыў мүмкин, тәбийғый түрде редакциялар биринши гезекте өз бақлаўшыларын (абонентлерин) услап турыў ҳәм олардың қатарын кеңейтиў, жәрияланған материал көриўшилериниң санын арттырыў арқалы итибарға түсиў, жәмәәтиниң абырайын жақсылаў, басқаша айтқанда, миллий медиа майданда өз орнын беккемлеў, қалаберди, коммерциялық материалларды көбирек тартыўға ҳәрекет етеди. Әйне усы мақсетлер даўрықлы (әхмийетли болған-болмаған) материаллардың тармақларға жайластырылыўының себеплеринен бири, деп ойлаймыз.

Негизинде журналист жәмийеттеги адамлардың қәлеўи, қызығыўшылығынан келип шығып материал таярламаўы керек. Ол ўақыя-ҳәдийселердиң әҳмийети - әҳмийетли яки әҳмийетли емеслигин есапқа алған ҳалда процести қалыс-ҳақыйқатлы, қандай болса солай (журналистика жанрлары бойынша) жарытыўы лазым.

Өз ўақтында атап өтиў керек, әмелдеги Өзбекстан журналистлериниң кәсиплик этикасы кодексинде журналисттиң материаллары жәмийет мәплерине хызмет етиўи керек екенлиги белгиленген.

Усы мәнисте, рәсмий веб-сайт, телеграм канал, “Facebook” сыяқлы социаллық тармақ бетлеринде ушырасып атырған, жоқарыда айтып өтилген мазмундағы мәлимлемелер жаслар, улыўма, халықтың кейпиятына қандай тәсир етеди? Бул сораўымызға белгили психолог Шоира Исоқова былай жуўап берди:

- Бүгин глобал майдан, социаллық тармақтағы мәлимлемелер турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып болды. Ядта тутыўымыз керек, ҳәр қандай информация инсан руўхыятына бирдей тәсир йетпейди. Тилекке қарсы, соңғы ўақытлары социаллық тармақлар ҳәм айырым мәлимлеме дәреклеринде адам өлтириўшилик, зорлық, жәнжел ҳәм апатшылықлар ҳаққындағы шаўқымлы хабарлар барған сайын көбеймекте. Бул усылда жазып атырған басылымлар сенсация көтериў арқалы өз рейтингин арттырыўды гөзлегени ҳеш кимге сыр емес. Бундай унамсыз текст ҳәм түрдеги мәлимлемелер тек ғана үлкенлердиң емес, ал перзентлеримиздиң де санасы ҳәм қәлбине тәсир етпекте. Ең қәўипли тәрепи, балалар ҳәм жас өспиримлер өмирди әйне усы мәлимлемелер арқалы қабыл ете баслайды. Нәтийжеде оларда қәўетер, қорқыў, исенимсизлик, агрессивлик ямаса түскинлик сыяқлы жағдайлар жүзеге келиўи мүмкин. Баланың жүреги нәзик. Ол нени көп көрсе, нени көп есице, оның дүня қарасы да соған қарап қәлиплеседи. Мен ҳәр дайым ата-аналарға бир пикирди айтаман: перзентиңиздиң денесине қандай азық берип атырғаныңызға итибар берсеңиз, оның санасына қандай мағлыўмат кирип атырғанына да сондай қатаң қараң. Себеби баланы-инсанды ҳәр күни оқып атырған, еситип атырған ҳәм көрип атырған мағлыўматлары тәрбиялайды ҳәм қәлиплестиреди.

Информацияны таңлаў мәдениятын қәлиплестириў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири. Ата-аналар перзентлери менен дастурхан әтирапында көбирек сәўбетлесиўи, олардың сезимлерин тыңлаўы ҳәм интернетте нелерди бақлап атырғанына бийпәрўа болмаўы керек. Соның менен бирге, ғалаба хабар қураллары, журналист ҳәм блогерлер де жуўапкершиликти сезиўи, болмайтуғын мәлимлемени тарқатыўдан тыйылыўы керек. Мәлимлемениң тийкарғы ўазыйпасы шаўқым шығарыў ямаса адамларды қорқытыў емес, ал халықты жаңалықлардан, әҳмийетли ўақыя-ҳәдийселерден хабардар етиў, оларды дурыс пикирлеўге шақырыў, керек болса, қәўиплерден ескертиў, сондай-ақ, жәмийетте жақсылық, мийрим-шәпәәт ҳәм исеним орталығын беккемлеў сыяқлыларға қаратылады.

Соны умытпаў керек, биз қандай мәлимлемени көбейтетуғын болсақ, ертеңги жәмийет те соған уқсас қәлиплеседи. Солай екен, ҳәр бир мәлимлеме таярлаўшы ҳәм тарқатыўшы буны сезинип, жумысына жуўапкершилик пенен қатнас жасаўы шәрт. 

Х. Салимов