Елимиз экономикасында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў, тийкарғы
тармақлардағы әҳмийетли бағдарламаларды турмысқа енгизиўде көп тәреплемели ҳәм
нәтийжели бирге ислесиўди қәлиплестириў ҳәм беккемлеўге, социаллық-экономикалық
тараўлардағы түпкиликли өзгерислер процесине мүнәсип қосып атырған үлеси, сондай-ақ, ири
инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы
белсене қатнасыўы, Жаңа Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырайы ҳәм статусын
арттырыў жолындағы үлкен ис-ҳәрекетлери және дослық ҳәм өз-ара пайдалы
шерикликти раўажландырыўға қаратылған басламаларды қоллап-қуўатлап киятырғаны
ушын төмендегилер сыйлықлансын:
“Дўстлик” ордени
менен
Иван Цао – “BYD
Auto” компаниясының Европа сатыў бөлими бас директоры орынбасары
Клод Имовен – Францияның
“MEDEF International” ҳәрекетиниң Өзбекстан – Франция Исбилерменлер кеңесиниң
баслығы
Масаёши Фужимото
– “Sojitz” компаниясының директоры
Сабине Махл –
БМШның Өзбекстандағы турақлы координаторы
Тураман Синан –
Шайхантаҳур районындағы “Outdoor Factory Tashkent” жуўапкершилиги шекленген
жәмийети бақлаў кеңесиниң баслығы, Ташкент қаласы
II дәрежели “Саломатлик” ордени менен
Қаҳорова Нилуфар
Ҳамроевна – АҚШ тың Гарвард университети жанындағы Бостон балалар
емлеўханасының жойбар менеджери
Юлдашева Нодира
Мухамедовна – Канаданың Торонто қаласындағы Канададағы өзбекстанлылар
ассоциациясының тийкарын салыўшысы, “Саламат жол” медициналық ҳәм
диагностикалық орайының басшысы
“Шуҳрат” медалы менен
Абдуллаева Шаҳло
Абдирашидовна -Корея Республикасының Квангжу қаласындағы Мигрант ҳаял-қызлардың
ҳуқықларын қорғаў ҳәм билимлендириў орайының басшысы
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.МИРЗИЁЕВ