Пәрманға муўапық, мәҳәллелерди көклемзарластырыў дәрежесин арттырыў мақсетинде ҳәр бир шахсты үш түп терек пенен тәмийинлеў, тереклердиң 30 процент салқынлығы ҳәм 300 метрге шамалас аралықта жасыл аймақ пенен тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын "3-30-300" халықаралық стандарты енгизиледи.

Сондай-ақ, 2030-жылға шекем жасыл бағлар ҳәм жасыл жәмийетлик парклердиң санын 1023 ке жеткериў, 2026-жылдың гүзги мәўсиминде "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде 257 жасыл бағ ҳәм жасыл жәмийетлик парклерди шөлкемлестириў, 2030-жылға шекем ҳәр бир район ҳәм қалада улыўма узынлығы 10 километрден кем болмаған бесеўден сая көшелерин шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, 2026-жыл 1-октябрьден республикамызда абаданластырыў ҳәм тазалықты сақлаў бойынша еки айлық өткериледи. 1-октябрьден жасыл аймақлар шөлкемлестирилетуғын орынлар анықланып, жер майданлары таярланады, нәл ҳәм путалар резерви қәлиплестириледи.

2026-жыл 1-ноябрьден Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында; 5-ноябрьден Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында; 10-ноябрьден Әндижан, Жиззақ, Самарқанд, Сырдәрья, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятлары және Ташкент қаласында; 20-ноябрьден Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында нәл ҳәм пута нәллерин егиў мәўсими басланады.

Буннан тысқары, Пәрманға муўапық, 2027-жыл 1-январьдан "Жасыл мәҳәлле" жойбары шеңберинде "Мәҳәллелерди көклемзарластырыў" пакети енгизиледи.

Жойбар шеңберинде ҳәр бир мәҳәллеге тоғайшылық бойынша қәниге-ментор бириктириледи. Ҳәр бир егиў мәўсиминен алдын "мәҳәлле жетилиги" ағзалары оқытылады. Халыққа нәл егиў, суўғарыў, мулчалаў, компост таярлаў, тереклерди тәрбиялаў, кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў бойынша усыныслар бериледи.

2026-жылдың гүзги мәўсиминен баслап жер майданы шекленген мәҳәллелерде, көп қабатлы турақ жайлар аралығында, мектеп ҳәм бақша ҳәўлисинде мәҳәллениң микро тоғайлары шөлкемлестириледи. Майданы 200 квадрат метрден 1000 квадрат метрге шекемги участкаларда терек ҳәм пута нәллерин ҳәр квадрат метрге кеминде еки нәлден, көп қабатлы терекзарларды қәлиплестирген ҳалда, тығыз егиў усылы қолланылады.

Жер ажыратыў имканияты болмаған, бетон ямаса асфальт қапламалы аймақларда киши жәмийетлик бағлар шөлкемлестириледи.

Соның менен бирге, ботаника ҳәм дендрология бағлары, тоғай хожалықлары, ири жасыл аймақлар ҳәм абаданластырыў басқармаларының аймақларында компостлаў ҳәм мулчалаў системасы енгизиледи.

Буның ушын санитариялық ҳәм гидрогеологиялық шараяты қолайлы орынларда узынлығы 12 метр, ени 4 метр ҳәм тереңлиги кеминде 1 метр болған траншеялар ислетиледи. Ығаллық дәрежеси ҳәр 15 күнде тексерилип, 70 процент әтирапында услап турылады.

Таяр компост ҳәм мулча биринши гезекте тийисли аймақтың ашық жер майданларын қаплаў ҳәм тәрбиялаўға жибериледи.

Буннан тысқары, халықтың жасыл бағ жаратыў бойынша талап ҳәм усынысларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2027-жыл 1-январьдан "Жасыл лот" системасы енгизиледи. Система шеңберинде бар жер участкалары физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жасыл бағлар жаратыў ушын бериледи. Онда, берилген жер майданы мүлк етип берилмейди, қурылыс ҳәм басқа да жумыс түрлери қадаған етиледи.

Сондай-ақ, 2028-жыл 1-сентябрьге шекем республиканың ҳәр бир аймағында климат шараятларынан келип шығып, аймақтың климат-географиялық зоналарына сай терек ҳәм пута нәллерин жетистириўге қәнигелестирилген биреўден «in vitro» лабораториялары шөлкемлестириледи.

Лабораторияларда қурғақшылық, шорланыў, жоқары температура ҳәм кеселликлерге шыдамлы, қум-шаң тасыўдың алдын алыўға хызмет ететуғын терек ҳәм пута түрлери көбейтиледи.

Барлық аймақларда зыярат етиўшилерге хызмет көрсетиўге бағдарланған заманагөй нәл жетистириў ҳәм нәл сатыў орайлары шөлкемлестириледи.

Пәрманға муўапық, тәжирийбе-сынақ тәризинде «Yashil AI» ассистенти модели иске қосылады.

Онда жерлердиң бонитети, топырақ түри, суў менен тәмийинленгенлиги, климат шараяты, спутник мағлыўматлары ҳәм дала бақлаўлары нәтийжелеринен пайдаланып, жасыл аймақларды көклемзарластырыў, тоғайлар жаратыў ҳәм жасыл қапламалар жаратыў ушын оптимал аймақлар анықланады.

Сондай-ақ, ҳәр бир аймақ ушын қолайлы терек ҳәм пута түрлери, нәллердиң саны, егиў схемасы ҳәм мүддети, суўғарыў ҳәм тәрбиялаў бойынша усынысларды қәлиплестириў, суў жетиспеўшилиги, нәллердиң қурыўы, кеселликлери ҳәм басқа да факторлар менен байланыслы қәўип-қәтерлерди картада көрсетиў, жуўапкерлерди ескертиў ҳәм аналитикалық есабатлар таярлаў имканиятын береди.

Буннан тысқары, бирден-бир картадағы мағлыўматларды турақлы түрде жаңалап барыў, оператив мониторинг ҳәм прогнозластырыў, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў ҳәм нәтийжелерди ашық-айдын бақлап барыў имканияты жаратылады.

2026-жыл 31-декабрьге шекем мәҳәллелерге кириў орынларында жасыл аймақлар жаратыўдың абзаллықлары ҳәм тийисли аймақтың экологиялық көрсеткишлери ҳаққындағы банерлер ҳәм электрон таблолар орнатылады.

Пәрманға муўапық, Арнасай, Нөкис, Қаракөл, Кармана, Мүбәрек, Қызырық ҳәм Янгиариқ районларында галофит өсимликлерин жетистириў бойынша илимий-тәжирийбе участкалары шөлкемлестириледи.

Ҳәр бир участкада топырақтың шорланыў дәрежеси ҳәм суў менен тәмийинлениўин есапқа алған ҳалда өсимлик түрлери сынап көриледи, туқым ҳәм нәллер жетистириледи, әмелий усыныслар ислеп шығылады.