2026-жыл ушын мақсетлер:

84 компанияның акциялары, 1 242 көшпес мүлк объекти және мәмлекет ҳәм мәмлекетлик кәрханаларға тийисли 8 мың гектар жер участкаларын саўдаға шығарыў;

85 мәмлекетлик кәрхананы сапластырыў ҳәм қайта шөлкемлестириў;

улыўма баҳасы дерлик 100 триллион сум болған мәмлекетлик активлер ҳәм жер участкаларын сатыўға шығарыў ҳәм кеминде 14 триллион сум түсимди тәмийинлеў.

Сондай-ақ, алдын сатылмаған 84 объект басланғыш баҳасы 1 миллион сумнан қайта аукционға шығарылады.

Ҳүжжет экономиканың бәсекиге шыдамлы секторларында мәмлекеттиң қатнасын және де қысқартыў, жеке меншик исбилерменликти раўажландырыў, мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў ҳәм мәмлекетлик активлерден және де нәтийжели пайдаланыўға қаратылған.

Пәрман менен исбилерменлердиң усыныслары тийкарында мәмлекетлик активлерди сатып алыў арзанластырылатуғын жаңа механизмлер енгизилмекте.

Соның ишинде, сатып алыўда алдыннан төлемди 15 процент етип белгилеў усыныс етилмекте (бурын 35 процент еди), қалған сумманы процентлерсиз басқышпа-басқыш төлеў мүмкин болады (бурын орташа 14 процент үстеме қолланылған).

Ири питимлер ушын төлемниң қосымша шәртлери нәзерде тутылған:

сатып алынған активтиң баҳасын алты ай даўамында толық төлеген қарыйдарлар 25 процент муғдарында шегирме алыўы мүмкин болады (алдынғы тәртипке бола, 1 ай даўамында төлем толық әмелге асырылғанда 14 процент муғдарында шегирме берилетуғын еди);

төлемлерди процентсиз бөлип-бөлип төлеўге, актив баҳасының 35 проценти 3 ай даўамында төленгенде 5 жылға шекем, актив баҳасының 50 проценти 6 ай даўамында төленгенде 7 жылға шекем мүддетке әмелге асырыўға рухсат бериледи.

Саўда нәтийжелилигин арттырыў ушын жаңа сатыў механизмлери қолланылмақта. Егер актив үш ай даўамында сатылмаса, оның баҳасын басқышпа-басқыш төменлетиў системасы қолланылады.

Жер участкаларының инвестициялық тартымлылығын арттырыў ушын жерлерди "таяр пакет" принципи тийкарында - инженерлик тармақларына жалғаныў ушын алдыннан таярланған техникалық шәртлер ҳәм зәрүр рухсат бериўши ҳүжжетлер менен сатыў механизми нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, ири мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары ҳәм қәнигелестирилген медицина орайлары жеке меншик инвесторларды, сондай-ақ, қаржы механизмлерин тартыў имканияты менен басқышпа-басқыш коммерцияластырылады.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 08.09.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».