"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, бүгин күнниң екинши ярымында
Ташкент ўәлаятының айырым аймақларында аз муғдардағы қысқа мүддетли жаўын
жаўыўы мүмкин.
Ҳаўа температурасының әсте-ақырын төменлеўи даўам етеди. Бүгин күндизги
ўақытлары 26-30 дәреже ыссы, қубла районларда 31-33 дәрежеге шекем, шемби ҳәм
екшемби күнлери әсте-ақырын 22-25 дәрежеге шекем, қублада 27-30 дәрежеге шекем
төменлейди.
Самалдың тезлиги 7-12 м/с, 26-27-сентябрь күнлери арқада ҳәм шөл
аймақларында айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде
шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.
Ташкент қаласында
ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады. Бүгин күнниң екинши ярымында
азмаз қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин, шемби ҳәм екшемби күнлери жаўын-шашын
болмайды.
Ҳаўаның
температурасы түнде 11-14гр суўық, 25-сентябрьде 26-28гр жыллы, дем алыс
күнлери 23-25гр суўыққа шекем төменлейди.
Самал шығыстан
3-8 м/с тезликте еседи.