Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 17-сентябрьдеги 501-санлы қарары менен мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға кирген ҳәм оқып атырған педагоглардың перзентлери ушын төлемли-контракт муғдарына шегирме бериў тәртиби тастыйықланды.

2026/2027-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға кирген ҳәм оқып атырған педагоглардың перзентлерине ҳәр жылы коньтракт төлемине 30 процентлик шегирме бериледи.

Шегирме мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бакалавриат тәлим бағдарының күндизги бөлиминде оқып атырған педагоглардың перзентлерине қолланылады.

Оқыўшыларға шегирме берилмейди:

жоқары әскерий ҳәм әскерийлестирилген билимлендириў шөлкемлеринде;

Өзбекстанда жумыс алып барып атырған сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиалларында;

қосымша ҳәм дифференциалластырылған төлемли контракт тийкарында;

биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары бойынша ҳәм сырт елли бирге ислесиўши жоқары оқыў орынларының факультетлеринде;

мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринде.

Егер бир педагогтың бир неше перзенти мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында контракт бойынша оқып атырған болса, шегирме ҳәр бир бала ушын өз алдына бериледи.

Оқыў шәртнамасын алыў ушын педагогтың перзенти kontrakt.edu.uz системасы арқалы арза береди.

Арзаны көрип шығыў процесинде арза бериўшиниң педагогтың перзенти екенлиги ҳаққындағы мағлыўмат "Санлы ҳүкимет" системасының уйымлараралық интеграцияласқан платформасы арқалы тастыйықланады. Тастыйықланғаннан кейин шегирме автоматикалық түрде қолланылады.

Арзалар жуўапкер уйым тәрепинен еки жумыс күнинде көрип шығылады.

Жеңиллик педагоглардың перзентлерине оқыў жылы даўамында бир мәрте бериледи.

Егер баланың әкеси ямаса анасы педагоглар категориясына кирмейтуғын болса, шегирме бериў кейинги оқыў жылынан баслап тоқтатылады.