Мәмлекетимизде үшинши мәрте өткерилип атырған абырайлы халықаралық интеллектуаллық жарыста Әзербайжан, Коста-Рика, Грузия, Израил, Иордания, Қазақстан, Қырғызстан, Малайзия, Монголия, Қатар, Россия, Саудия Арабстаны, Тәжикстан, Таиланд, Түркия, Түркменстан ҳәм Өзбекстаннан қәбилетли оқыўшылар қатнасады. Қатнасыўшылар химия пәни бойынша өз-ара беллеседи.

Олимпиада усы жылдың 56-ноябрь күни болып өтеди. Тапсырмалар олимпиадаларды өткериў бойынша халықаралық стандартларға муўапық баҳаланады.

Бул абырайлы илимий жарысты өткериўге жоқары тәжирийбели халықаралық экспертлер, сырт мәмлекетлердиң жетекши илимпазлары ҳәм профессорлары тартылған.

Олимпиада жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен алтын, гүмис ҳәм бронза медальлары менен сыйлықланады.