2027/2028-оқыў жылынан баслап "Улыўма медицина" бакалавриат тәлим бағдарының "Емлеў иси" бағдары бойынша 6 жыллық билимлендириў бағдары "5+1" модели тийкарында енгизиледи. Бунда бес жыллық оқыў тамамланғаннан кейин студентлер алтыншы жылды әмелиятта өткереди. Басқышпа-басқыш бул принцип басқа да медициналық бакалавриат тәлим бағдарларына енгизиледи.

"Улыўма медицина" питкериўшилери улыўма әмелият шыпакери қәнигелигин алып, шаңарақлық шыпакер болып ислеў имканиятына ийе болады.

Соның менен бирге, тар тараўдағы қәнигелерди таярлаў системасы өзгереди - 2026/2027-оқыў жылынан баслап шаңарақлық медицина бойынша резидентура шөлкемлестириледи, 2027/2028-оқыў жылынан баслап болса тар тараўдағы шыпакерлерди таярлаў толық резидентура арқалы әмелге асырылады. Клиникалық ординатурада оқытыў бийкар етиледи.

Мәмлекетлик резидентурада грант тийкарында оқып атырғанларға мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 2,15 есеси муғдарында стипендия бериледи. Бағдарлама жуўмақланғаннан соң Миллий қәнигелик шеңбериниң 7-дәрежесине сәйкес мәмлекетлик диплом бериледи.

Соның менен бирге, тар шеңбердеги шыпакерлерди медицина магистратурасы арқалы қәнигелестириўди тоқтатыў режелестирилмекте. Магистратура бағдарламалары тийкарынан илимий-педагогикалық ҳәм басқарыў кадрларын таярлаўға қаратылады.

Билимлендириўдиң сапасына да талаплар күшейтилмекте. Медицина ҳәм фармацевтика бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға кириўде ең жоқары баллдың ең кем шеги 60 процентти қурайды. Оқыў модульлерин өзлестириў ҳәм мәмлекетлик имтиханлардың минимал нәтийжеси шыпакерлик қәнигеликлери ушын 70 процентти, орта медицина хызметкерлери ушын 60 процентти қурайды.

2027/2028-оқыў жылынан медициналық қоллап-қуўатлаў бағдарлары да енгизиледи. Питкериўши ҳаял-қызларға медицина мийирбийкеси, ер адамларға медицина ағасы қәнигелиги бериледи. Тийисли бакалавриат тәлим бағдарларына мәмлекетлик буйыртпа 2030/2031-оқыў жылына шекем ҳәр жылы кеминде 20 процентке арттырып барылады.

2027-жыл 1-январьдан баслап медицина, фармацевтика ҳәм педагогика хызметкерлериниң базалық тариф ставкасына ямаса лаўазымлық мийнет ҳақысына төмендеги муғдарларда ҳәр айлық үстемелер белгиленеди:

бакалавриатты тамамлаған мийирбийкелер ҳәм медицина ағаларына - мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 1 есеси;

магистратура басқышын тамамлаған мийирбийкелер ҳәм медицина ағаларына - мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2 есеси;

шаңарақлық медицина бағдары бойынша резиденцияны тамамлаған шаңарақлық шыпакерлерге ҳәм усы бағдар бойынша магистратураны тамамлаған педагог кадрларға - мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 4 есесинен аспайды.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 16.09.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».