Мәмлекетлик ҳәм басқарыў уйымларындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, өзиниң бай билим ҳәм тәжирийбеси, пидайылығы, интакерлиги ҳәм шөлкемлестириўшилиги менен елимизде кең көлемли реформаларды табыслы әмелге асырыў, Жаңа Өзбекстанның экономикалық потенциалын ҳәм раўажланыўын арттырыўға мүнәсип үлес қосып киятырғаны, аймақты комплексли раўажландырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў, түрли тараўларда әҳмийетли бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў жолында айрықша жигерлилик көрсетип атырғаны ҳәм де жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын Бухара ўәлаяты Алат районының ҳәкими Нематова Наргиза Исамиддиновна “Фидокорона хизматлари учун” ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев