Төмендеги инфографика БМШтың Экономикалық ҳәм социаллық мәселелер департаменти (UN DESA) баҳаларына тийкарланған. Онда 2000-жыл июль ҳәм 2024-жыл июль айларында түрли мәмлекетлерде жасайтуғын мигрантлардың саны салыстырылған. Миллий анықламаларға қарап, бул категорияға қашқынлар, баспана излеўшилер ҳәм пуқаралыққа ийе болғанлар кириўи мүмкин.

Келтирилген көрсеткишлер усы дәўирде келгенлердиң улыўма саны ямаса халықтың кириўи ҳәм шығыўы арасындағы айырмашылықты емес, ал ҳәр бир мәмлекетте жасайтуғын мигрантлар санының өзгериўин сәўлелендиреди.

Европадағы мигрантлар санының улыўма өсиўиниң дерлик ярымы Уллы Британия, Испания ҳәм Германияға тийисли. Улыўма алғанда, бул мәмлекетлер усы категорияға киретуғын 20,4 миллионға шамалас қосымша халықты қабыл етти.

Бирақ салыстырмалы өсиў бойынша рейтинг басқаша көриниске ийе. Киши мәмлекетлер ең жоқары өсиў пәтлерин көрсетти. Олар – Мальта, Болгария ҳәм Исландия, деп хабар берди “naked-science.ru”.

Испанияда мигрантлар саны төрт еседен зыят көбейди. Бул бир бөлеги 2000-жыллардың басындағы қурылыс шаўқымы ҳәм 2005-жылғы легализация бағдарламасы менен байланыслы болып, оның шеңберинде дерлик 700 мың арза тапсырылған.

Уллы Британияда көрилип атырған дәўирде мигрантлар саны 149 процентке артты. Бирақ, соңғы жылларда миграция тенденциялары өзгерди. Уллы Британия Миллий статистика басқармасы (ONS) мағлыўматларына бола, 2025-жылы виза қағыйдалары күшейтилгеннен кейин сап миграция 171 мың адамға шекем азайған.

Соның менен бирге, өсиў барлық мәмлекетлерде де бақланбады. Россия ең үлкен абсолют қысқарыўды көрсетти: мәмлекетте жасайтуғын мигрантлар саны шама менен 4,3 миллион адамға азайды. Сербия, Украина ҳәм Шығыс Европаның басқа бир қатар мәмлекетлеринде де төменлеў бақланды.

Иммиграция жумысшы күшиниң жетиспеўшилигин толтырыўға, салық базасын кеңейтиўге ҳәм демографиялық төменлеў ақыбетлерин жумсартыўға жәрдем береди. Бирақ, халықтың тез өсиўи, әсиресе, инфраструктураның раўажланыўы халықтың көбейиўине сәйкес келмесе, турақ жай фонды, мектеплер ҳәм мәмлекетлик хызметлер ушын қосымша жүк пайда етиўи мүмкин.

Жаңа халықты интеграциялаўдың табысы көп тәреплеме жумыс ислеўге рухсат бериў, турақ жай менен тәмийинлеў, тил үйрениў ҳәм сырт ел тәжирийбелерин тән алыў сиясатларына байланыслы. Бул мәселелер, әсиресе, бир ўақыттың өзинде өз аймағында туўылған халық арасында емиграцияның күшейиўине дус келип атырған мәмлекетлер ушын айрықша әҳмийетли.

Ақырында, Европаның миграция тарийхы, бўл тек жаңа халықты тартыў мәселеси емес, бәлким мәмлекетлер мигрантлардың мәмлекеттеги жәмийетке бейимлесиўин ҳәм интеграцияласыўын каншелли нәтийжели тәмийинлей алыўына да байланыслы.