Мәмлекетимизде биринши интеграцияласқан атом электр станциясын қурыў жойбарын әмелге асырыў, сондай-ақ, тараўдағы инфраструктураны алдынғы технологиялар ҳәм билимлер тийкарында раўажландырыў мәселелери дыққат орайында болды.

Биринши реактор имаратының тырнағын қурыў ҳәм АЭСти жойбарластырыў жумыслары даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тараўда, соның ишинде, "МИФИ" Миллий ядро изертлеў университетиниң Ташкент филиалы ҳәм "Росатом" объектлеринде маман кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, болажақ АЭС жанында энергияны үнемлейтуғын турақ жайлар, заманагөй билимлендириў, медицина, спорт мәкемелери ҳәм басқа да қолайлы социаллық инфраструктураға ийе болған атомшылар қаласын шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиў перспективалары додаланды.