Университетте бакалавриат ҳәм магистратура бағдарлары бойынша күндизги, сыртқы ҳәм аралықтан билим алып атырған 14 мыңнан аслам студент билим алмақта. Бул жерде 579 оқытыўшы жумыс ислемекте.

Билимлендириў бағдарламаларын халықаралық талапларға бейимлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Инглис филологиясы, математика, әмелий математика ҳәм физика бағдарлары халықаралық аккредитациядан өткерилди. Россия ҳәм Беларусь жоқары оқыў орынлары менен биргеликте 14 билимлендириў бағдарламасы әмелге асырылмақта.

Тиллер факультетинде мың орынға ийе заманагөй медиа студия, қытай, немис, француз, инглис ҳәм рус тиллери орайлары шөлкемлестирилген. Халықаралық бағдарламалар шеңберинде синхрон аўдармашылар таярланбақта. Жети лабораторияны бирлестирген Халықаралық лабораториялар орайында жасалма интеллект, машынлы үйрениў ҳәм робототехника тараўларында изертлеўлер алып барылмақта.

Университетте өткен жылы кең көлемли қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары әмелге асырылды.

Студентлердиң жасаў шараяты жақсыланды. Үш жаңа жатақхананың қурылысы есабынан қосымша 1 мың 300 ден аслам орын жаратылып, студентлер турақ жайына болған талап толық қапланды. Университет аймағында 240 орынлық бақша, китапхана, асханалар, жаслар орайы, әнжуманлар сарайы жумыс алып бармақта. Жоқары оқыў орны жанында "Лочин" футбол командасы дүзилип, оның шынығыўлары ушын заманагөй майдан қурылған.

Президентимиз университет студентлерге хызмет көрсетиў орайының жумысы менен танысты.

Усының менен мәмлекетимиз басшысы Қашқадәря ўәлаятына сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтты.