Мәмлекетимиз басшысының 2026-жыл 23-сентябрьдеги пәрманында мәҳәллелердиң көклемзарластырыўдағы ролин күшейтиў, жасыл аймақларды "3-30-300" принципи тийкарында кеңейтиў ўазыйпалары белгиленген еди. Жаңа орайдың жумысы мәҳәллелердиң талабынан келип шығып, сапалы нәл жетистириў, тереклерди тәрбиялаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған.
Бул комплекс сырт ел тәжирийбеси тийкарында 65 гектар майданда шөлкемлестирилген. Жойбардың баҳасы 9,5 миллиард сумды қурайды. Бул жерде 100 ге шамалас жумыс орны жаратылған.
50 гектарда саяманлы тереклер, 5 гектарда мийўели, және 3 гектарда пута ҳәм гүл нәллери жетистирилмекте. Биринши басқышта 1,6 миллион түп терек ҳәм өсимлик нәли жетистириў, кейин ала бул көрсеткишти 5 миллионға жеткериў режелестирилген. Орайда 41 түрдеги декоратив ҳәм ийне жапырақлы тереклер бар.
Комплекс аймағында өсимликлер жетистирилетуғын ашық майданлар, ыссыхана, туқым өсиретуғын имаратлар, нәллер ушын сая қурылмалары қурылған. Улыўма сыйымлылығы 4 мың 200 куб метр болған 3 мембрана типиндеги суў сақлағыш үскенеленди, 20 гектар майданда тамшылатып суўғарыў системасы енгизилди. Буннан тысқары, компост ҳәм мулча ислеп шығарыў үскенелери, қуяш панельлеринен де пайдаланылмақта.
Заманагөй технологиялар нәллерди жыл даўамында, соның ишинде, егис мәўсиминен тысқарыда да жетистириў имканиятын береди. Есап-санақларға бола, бул усылда дәстүрий усылларға салыстырғанда егис көлеми 8-10 есеге артады, суўдың жумсалыўы 3 есеге қысқарады. Бул нәллердиң өзине түсер баҳасын 30-40 процентке азайтыў имканиятын береди.
Орайда мәҳәллелерди көклемзарластырыў бойынша айрықша хызметлер көрсетиледи. Оларға нәл ҳәм пута жеткерип бериў, зыянланған тереклерди емлеў, топырақты мулчалаў, тамшылатып суўғарыў системаларын орнатыў киреди. Келешекте ҳәр бир мәҳәллеге устаз-тоғайшы бириктирилип, ҳәр бир егис мәўсими алдынан "мәҳәлле жетилиги" ағзалары ушын оқыў сабақлары өткериледи.
Нәл жетистириў процесине халық та тартылмақта. Халыққа кооперация шәртнамасы тийкарында жас өсимликлер бериледи. Қыйтақ жерлерде бир-еки мәўсим тәрбияланып, өсимликлер таяр нәлге айланғаннан соң, кепилликли түрде сатып алынады. Бул шаңарақларға қосымша дәрамат дәрегине ийе болыў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз басшысы орайда жаратылған шараятларды көзден өткерип, терек егиў, бағ жаратыў халқымыздың жақсы дәстүрлери екенин атап өтти.
Орайдың мәҳәллелерди көклемзарластырыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў имканиятлары ҳаққында мәлимлеме берилди.