Усы умытылмас әййямда бәринен бурын, саўаш майданларында үлкен мәртлик көрсеткен, адамзатты фашизмнен азат етиўге мүнәсип үлес қосқан ата-бабаларымыздың өшпес естелиги алдында бас ийемиз. Ҳәзирги ўақытта өмир сүрип атырған урыс ҳәм мийнет фронты ветеранларына да терең ҳүрмет-иззетимизди билдиремиз.
Ғәрезсизлик жылларында Ўатанымыз шегараларының қол қатылмаслығын сақлаў, халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын қорғаў жолында қаҳарманлық пенен қайтыс болған мәрт әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлерин ҳүрмет пенен ҳәм қайғы менен еске аламыз.
Әзиз дослар!
Өзбекстанлылар дүньядағы барлық тынышлықты сүйиўши халықлар менен бирге фашизмге қарсы гүресип, Уллы Жеңиске мүнәсип үлес қосты. Биз буның менен ҳақылы түрде мақтансақ арзыйды. Тарийхый мағлыўматларға қарағанда, сол ўақытта республикада жасап атырған 6 миллион 800 мың халықтың 1 миллион 950 мыңы усы қанлы урыста қатнасқан.
Олардың ярым миллионнан асламы саўаш майданларында қайтыс болған, 158 мыңнан зыяты бийдәрек жоғалған, 60 мыңнан асламы майып болып қайтқан. Арадан көп жыллар өткен болса да, бул қорқынышлы санлар елеге шекем кеўлимизде жазылмас дәрт болып еситиледи.
Урыс жылларында Өзбекстаннан 214 мың әскер ҳәм офицер жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды, олардың 301 и ең жоқары сыйлық - Совет Аўқамы Қаҳарманы атағына, 70 и болса үш дәрежедеги "Даңқ" орденлерине ийе болды.
Сол отлы жылларда Өзбекстан халқы "Ҳәмме нәрсе фронт ушын, ҳәмме нәрсе Жеңис ушын!" деген принцип тийкарында күни-түни мийнет етти. Республика фронтты барлық зәрүр нәрселер менен тәмийинлеўдиң исенимли базасына айланды.
Инсаныйлық пазыйлетлерин бәрқулла уллы қәдирият сыпатында қәдирлеп келген халқымыз сол ўақытта урыс болып атырған аймақлардан эвакуация етилген 1 миллион 500 мыңнан аслам адамға, соның ишинде, ата-анасынан, шаңарағынан айырылған 250 мың балаға баспана берди, оларды меҳир ҳәм ғамқорлық пенен қамтып алды.
Ҳүрметли дослар!
Ўатан азатлығы, халқымыздың тынышлығы ҳәм татыўлығын қорғаў жолында қаҳарман жеңимпаз ата-бабаларымыздың даңқлы жумысларын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырмақтамыз. Ҳәзирги күнде Ташкент қаласында соңғы жыллары қурылған Жеңис парки комплекси ҳәм бул жерде жайласқан "Еслеў нуры" ҳәм "Миллет пидайылары" естеликлери ўатанласларымыздың уллы мәртлигине бағышланатуғын тийкарғы орынлар болып есапланады.
Жаңа Өзбекстанда инсан қәдирин улығлаў, соның ишинде, урыс ҳәм мийнет ветеранларын, нураный әўлад ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың саламат ҳәм мазмунлы жасаўы ушын зәрүр шараятлар жаратыўға қаратылған жумыслар избе-из даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, быйылғы байрам мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 30 миллион сумнан ақшалай сыйлық тапсырылды. Урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплары, мийнет ветеранларының денсаўлығын сақлаў, соның ишинде, оларды санаторий, дем алыў орынларына бийпул ҳәм жеңиллетилген тийкарда жибериў бойынша нәтийжели система жолға қойылды.
Усы қутлы әййям күнлеринде ҳәкимликлер, жәмийетшилик ҳәм жаслар орынларда урыс ҳәм мийнет ветеранлары, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларынан хабар алып, оларға итибар ҳәм ғамқорлық көрсетпекте.
Пүткил елимиз бойлап "Ўазыйпа, мәртлик, жигерлилик!" сүрени астында еслеў кешелери, үш әўлад ушырасыўлары, мәдений ҳәм спорт илажлары өткерилмекте.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Ҳәзирги қәўетерли дәўир бәршемизден жәмийетимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықты, елимизде жасап атырған түрли миллет ҳәм конфессиялар ўәкиллери арасындағы дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын және де қәдирлеўди талап етпекте.
Улыўма миллий аўызбиршилик ҳәм татыўлық бизиң бийбаҳа байлығымыз, барлық жетискенлик ҳәм жеңислеримиздиң беккем тийкары екенин ҳеш қашан умытпаўымыз керек.
Бүгинги қыйын дәўирде ғәрезсизлик, тынышлық-татыўлықты беккемлеў, мәмлекетимиздиң экономикалық қүдиретин ҳәм Қураллы Күшлеримиздиң қорғаныў потенциалын арттырыў, дүнья жәмийетшилиги, бәринен бурын, қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиўди күшейтиў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларды жат идея ҳәм ағымлардың тәсиринен сақлаў биз ушын шешиўши ўазыйпа болып қалмақта. Буннан 81 жыл бурын уллы Жеңиске мүнәсип үлес қосқан ата-бабаларымыз, пүткил халқымыздың мәртлик мектеби биз ушын таяныш ҳәм руўхландырыўшы күш болады, деп исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, фашизмди жоқ етиў жолында пидәкерлик пенен гүрескен туўысқан халықларды ҳәм барлық жақсы нийетли инсанларды бүгинги әжайып байрам менен қызғын қутлықлап, олардың мәмлекетлерине турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймен.
Қәдирли ўатанласлар!
Сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге тынышлық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.
Барлық ийгиликли ислеримизди Жаратқанның өзи қоллап-қуўатласын!
Жанажан Ўатанымыз бәрқулла гүллеп-жаснасын!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти