Кәрхана Қытайдың 500 ең ири жеке меншик компаниясы қатарына киретуғын «Jiangsu World Group» корпорациясы қурамына киреди.

Баҳасы 20 миллион доллар болған бул жойбар толық сырт ел инвестициясы есабынан әмелге асырылды. Кәрхана 5 гектар майданда жайласқан болып, оның 12 мың квадрат метр майданы өндирислик имаратларға туўра келеди. Бул жерде 200 жумыс орны жаратылған, өндирис процесслериниң бир бөлеги автоматластырылған.

Ҳәзирги ўақытта кәрханада “Nasaf” бренди астында 5 модель трактор, пахта териў машиналары ҳәм басқа да аўыл хожалығы техникалары жыйналмақта. Тракторлар GPS-навигатор ҳәм автопилот пенен тәмийинленген болып, төгин бериў ҳәм қадағалаў аралықтан әмелге асырылады. Бул дала жумысларын жоқары анықлықта орынлаў, жанылғы ҳәм басқа да ресурслардың жумсалыўын азайтыў имканиятын береди.

Сондай-ақ, кәрханада машиналарға далада техникалық хызмет көрсетиў, насазлықларды ерте анықлаў, техникалардан қәўипсиз пайдаланыў бойынша турақлы оқытыўлар алып барылмақта.

Тракторларды жыйнаўда локализациялаў дәрежеси 30 процентти қурамақта. Кәрхананың өзинде 138 түрдеги деталь ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарылады. Өзимизде комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳәм жергиликли кәрханалар менен кооперацияны күшейтиў арқалы локализациялаў дәрежесин басқышпа-басқыш арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өнимлердиң 30 процентин қоңсы мәмлекетлерге жеткерип бериў, экспорт көлемин жылына 50 миллион долларға жеткериў режелестирилген.

Президентимиз бул жердеги өндирис процеси, таяр техникаларды көзден өткерди.

- Усы ўақытқа шекем сырт елден аўыл хожалығы техникаларын алып келип, өзине түсер баҳасына тәсир етип атырған едик. Фермерлеримиздиң мийнетин жеңиллестиретуғын заманагөй техникаларды Қашқадәрьяда өз бренди астында ислеп шығарыў бир ўақытлары әрман еди. Локализациялаў аўыл хожалығындағы реформаларымыздың логикалық даўамы болып есапланады. Биз бул жумысларды избе-из даўам еттиремиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.