Салтанатлы мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Бруней арасындағы еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў мәселелери додаланды.
Сапар даўамында Бруней сыртқы ислер министри Шаҳзода Абдул Матийн ҳәм екинши сыртқы ислер министри Эриван Юсоф пенен ушырасыўлар болып өтти.
Бруней ўәкиллери Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм олардың нәтийжелерин жоқары баҳалады.
Ушырасыўлар жуўмағында тәреплер саўда-экономикалық, мәдений, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алды.
Еслетип өтемиз, Каромиддин Гадоев 2023-жыл ноябрьден берли Өзбекстанның Малайзиядағы елшиси болып есапланады. Оған шекем ол СИМниң БМШ ҳәм басқа да халықаралық сиясий шөлкемлер менен бирге ислесиў басқармасы баслығының орынбасары лаўазымында ислеген. 1995-жылдан берли Сыртқы ислер министрлиги системасында, соның ишинде, орайлық аппаратында, Өзбекстанның НАТОдағы миссиясы ҳәм Брюсселдеги елшиханасында түрли лаўазымларда жумыс ислеген.