Бул ҳаққында "Өзкосмос" агентлиги мәлим етти.
Атап өтилиўинше, мәресимде Халықаралық астронавтика федерациясы президенти Габриэлла Арриго, Өзбекстан Республикасы санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов, "Өзкосмос" агентлиги директоры Шуҳрат Қодиров ҳәм "Жасалма интеллект альянсы" МКШ директоры Азиз Муҳиддинов қатнасты.
Бул ҳүжжет IAC-2028 конгрессин Самарқандта шөлкемлестириў ҳәм өткериўге таярлықтың әҳмиетли әмелий басқышы есапланады, делинеди Агентлик хабарында.
Енди конгрессти жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, халықаралық қатнасыўшылар ушын зәрүр инфраструктураны таярлаў ҳәм конгресс бағдарламасын қәлиплестириў бойынша жумыслар даўам еттириледи.