Онда "Өзбеккосмос" агентлигиниң директоры Шуҳрат Қодиров та қатнасты.
Илаж шеңберинде Әзербайжан, Қазақстан, Түркия ҳәм Өзбекстан тәрепинен "Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде бирге ислесиў потенциалын раўажландырыў бойынша космослық санаат тараўындағы дәслепки шәртнама"ға қол қойылды.
Бул ҳүжжет Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер арасында космослық технологиялар, жасалма жолдасларды ислеп шығыў, илимий изертлеўлер, санаат кооперациясы ҳәм потенциалды арттырыў бағдарларында институционаллық бирге ислесиўди беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болды, делинеди "Өзбеккосмос" агентлигиниң хабарында.