10 жыл алдынғы Қарақалпақстан менен бүгингисиниң ортасында аспан менен жердей парық бар. Ҳәзир гәп әне усы өзгерислер ҳаққында да емес. Бул жерде ең тийкарғы итибарлы тәрепи – Қарақалпақстанға итибардың және де артып атырғаны, соған сәйкес аймақтағы унамлы өзгерислер көлеми жылдан-жылға, күннен-күнге кеңейип атырғанында. Айрықша итибар ҳәм хошаметлеў себепли қарақалпақстанлылардың абаданлығы, ертеңги күнге исеними, Ўатан тәғдирине байланыслылық жуўапкершилиги артып атырғанында.

Ол қандай итибар, дейсиз бе? Президентимиздиң усы жыл 5-ноябрьдеги "Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды буннан былай да жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы қарары буған мысал. Бул ҳүжжет аймақтың экономикалық потенциалын арттырыў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм жаңа раўажланыў имканиятларын жаратыўға тийкар жаратыўы менен айрықша әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға қаратып атырған айрықша итибары, аймақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў, бар машқалаларды мәнзилли шешиў ҳәм халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў бағдарындағы басламалары бул қарарда және бир мәрте әмелий көринисин тапты. Қарарда тек ғана бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелери емес, ал Қарақалпақстанның узақ мүддетли экономикалық раўажланыўы, тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы ҳәм шарўашылықтың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў, заманагөй технологияларды енгизиў сыяқлы стратегиялық ўазыйпалар да қамтып алынған.

Атап айтқанда, 2026-2027-жылларда аймақтың социаллық инфраструктурасын раўажландырыў ушын 160 миллиард сум қаратылатуғыны белгиленгени халықтың турмысында үлкен әҳмийетке ийе. Бул қаржы 17 улыўма билим бериў мектеби ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин оңлаў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, лифт ҳәм санитариялық-гигиеналық инфраструктураны жақсылаў, санаат зоналары және хызмет көрсетиў объектлерин раўажландырыўға тийкар жаратады. Усы мәнисте, бул қарар, бәринен бурын, инсан қәдирин улығлаў, халыққа көрсетилип атырған билимлендириў ҳәм медициналық хызмет сапасын арттырыў, қарақалпақстанлылар ушын қолайлы ҳәм заманагөй инфраструктура жаратыўға қаратылған әмелий көзқарас болып есапланады.

Қарарда аўыл хожалығы ҳәм шарўашылықты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, Төрткүл районындағы Жамбас ҳәм Бозатаў районындағы Еркиндәрья каналларын бетонлаў, суў объектлери ҳәм артезиан қудықларын қурыў ушын 135 миллиард сум, Бозатаў районындағы 7,5 мың гектар жерди өзлестириў ушын 100 миллиард сум ажыратылыўы белгиленген.

Шөл аймақларында от-жем жетистириў бойынша Египет тәжирийбесиниң енгизилиўи, 2030-жылға шекем 100 мың гектар жайлаўда шөл климатына сәйкес өсимликлер туқымларын дронлар жәрдеминде егиў режеси Қарақалпақстанның тәбийғый шараятынан нәтийжели пайдаланыўда жаңа имканиятлар ашады.

Мениңше, қарардың және бир әҳмийетли тәрепи экономиканың жаңа бағдарларына тийкар жаратылып атырғанында. Нөкис қаласы, Қоңырат, Қараөзек ҳәм Тақыятас районларында бултлы технологиялар және жасалма интеллект хызметлериниң экспорты ҳәм инвестициясын 2030-жылға шекем 600 миллион АҚШ долларына жеткериў мақсети белгилениўи Қарақалпақстанды санлы экономика раўажланған аймақлардан бирине айландырыў ушын әҳмийетли тийкар болады.

Қарарда Беруний районы ушын тиккелей әҳмийетке ийе әҳмийетли бәнт бар: Жәҳән банки қатнасыўындағы "Өзбекстанда жасаў ушын қолайлы ҳәм турақлы қалалар" бағдарламасының екинши басқышына Нөкис қаласы, Әмиўдәрья ҳәм Беруний районларының орайларын киргизиў белгиленген. Бул бағдарлама шеңберинде драйвер жойбарлар, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў ушын 100 миллион АҚШ доллары қаратылыўы нәзерде тутылған. Бул Беруний районы ушын жаңа инфраструктуралық жойбарлар ҳәм раўажланыў имканиятларын жаратады.

Беруний районы аўыл хожалығы, шарўашылық, исбилерменлик ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында үлкен имканиятларға ийе. Сонлықтан, қарарда белгиленген ўазыйпалардың районымыз ушын әмелий әҳмийети жоқары.

Атап айтқанда, аўыл хожалығында суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў, суўғарыў тармақларын модернизациялаў, жердиң өнимдарлығын арттырыў, шарўашылық ушын беккем от-жем базасын қәлиплестириў сыяқлы бағдарлар Беруний районында да әҳмийетли тийкарғы ўазыйпалар болып есапланады.

Қарақалпақстанда жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў, шөл өсимликлерин көбейтиў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша енгизилип атырған жаңа механизмлер районымызда бар тәбийғый ҳәм экономикалық имканиятларды иске қосыў ушын әҳмийетли тәжирийбе болып хызмет етиўи мүмкин. Әсиресе, суў тәмийнатын жақсылаў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, заманагөй агротехнологияларды енгизиў, от-жем жетистириў ҳәм шарўашылық жойбарларын раўажландырыў арқалы аўыл халқының дәраматларын арттырыў имканиятлары кеңейеди.

Сондай-ақ, қарарда белгиленген социаллық инфраструктураны раўажландырыў ўазыйпалары Беруний районында да билимлендириў, медицина, коммуналлық хызметлер ҳәм халыққа хызмет көрсетиў тараўларындағы бар талапларды мәнзилли үйрениў, оларды басқышпа-басқыш шешиў ушын әҳмийетли бағдарламалық тийкар болып хызмет етеди.

Ең әҳмийетлиси, ажыратылып атырған ҳәр бир қаржы ҳәм әмелге асырылып атырған жойбар анық нәтийжеге, яғный жаңа жумыс орынларының жаратылыўына, халықтың дәраматларының артыўына, исбилерменликтиң раўажланыўына ҳәм адамлардың турмысында унамлы өзгерислерге алып келеди.

Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты сыпатында усы қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде жәмийетлик қадағалаўды алып бараман. Себеби, реформалардың ҳақыйқый нәтийжеси қабыл етилген қарарлар ямаса ажыратылған қаржылар менен емес, ал олардың адамлар турмысында қандай өзгерис жасап атырғаны, қайсы машқалаларға шешим болғаны ҳәм қанша инсанға жаңа имканият жаратқаны менен өлшенеди.

Қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы Қарақалпақстанның экономикалық потенциалын буннан былай да арттырыў, район ҳәм қалалардың раўажланыўын жеделлестириў, соның ишинде, Беруний районының турақлы раўажланыўына мүнәсип үлес қосады.

Бүгинги ўазыйпамыз бул мақсетлердиң орынланыўын тәмийинлеў, жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм ҳәр бир реформаны инсан мәпи менен байланыстырыўдан ибарат.

Пардагул РАЗЗОҚОВА,

Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты