Бундай мағлыўматларды Миллий статистика комитети жанындағы Кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм статистикалық изертлеўлер институты келтирип өткен.
Таллаўларға бола, халықтың орташа өмир сүриў даўамлылығы ҳәр төрт жылда шама менен бир жылға артқан.
2020-жылы көрсеткиш төменлегеннен соң, 2021-2025-жылларда избе-из өсиўи бақланды. Нәтийжеде, 2025-жылы орташа өмир сүриў даўамлылығы 2010-2025-жыллардағы ең жоқары көрсеткишке жетти.
Еркеклер ҳәм ҳаяллар кесиминде:
ҳаял-қызлардың орташа өмир сүриў даўамлылығы 2010-жылдағы 74,7 жастан 2025-жылда 77,9 жасқа шекем артты;
еркеклерде бул көрсеткиш 71 жастан 75 жасқа шекем өсти.
Солай етип, үйренилип атырған дәўирде ер адамлардың өмир сүриў даўамлылығы 4 жасқа, ҳаяллардың өмир сүриў даўамлылығы 3,2 жасқа артқан. Бунда еркеклер ҳәм ҳаял-қызлар көрсеткишлери арасындағы айырмашылық 3,7 жылдан 2,9 жылға шекем қысқарды.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясына муўапық, 2030-жылға барып елимиз халқының орташа өмир сүриў даўамлылығын 78 жасқа жеткериў мақсет етилген.