Саъдулла Равшанов дзюдо бойынша жаслар арасында жәҳән чемпионатының гүмис медалын қолға киргизди
Спорт
21 ноя 2026, 08:04
760
Дзюдо бойынша жаслар арасында жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы және бир медальды қолға киргизди. Олимпиада қалашасында болып өтип атырған жарыста 81 килограммға шекемги салмақ категориясында қатнасып атырған Саъдулла Равшанов Япония, Бразилия, Грузия ҳәм Қытайдан келген қарсыласларын жеңип шықты. Ярым финалда өзбекстанлы дзюдошы Франция ўәкиллеринен күшлирек болып шықты.
Финал беллесиўинде жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионы Равшанов
россиялы Ярослав Бунаковқа жол берип, турнирдиң гүмис медаль ийеси болды.
Соның менен Өзбекстан сайланды командасы ҳәзирги ўақытта жәҳән
чемпионатының еки медалы - алтын ҳәм гүмис медалын қолға киргизди.