Қарарға муўапық, Республикалық велоспорт шеберлиги мектеп-интернатының жумысы велоспорт бойынша қәбилетли спортшыларды таярлаў ҳәм оларды сайланды командаларға усыныўға бағдарланады.

2027/2028-оқыў жылынан Республикалық велоспорт шеберлиги мектеп-интернатында паравелоспорт бағдары бойынша оқыўшыларды қамтып алыў мектеп-интернатының улыўма контингенти шеңберинде 20 процентке жеткериледи.

Республикалық велоспорт шеберлиги мектеп-интернатының улыўма контингенти 6-11-класслардағы 100 спортшы-оқыўшы дәрежесинде сақланып қалынады.

"Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары" жарысы шеңберинде велоспорт бойынша спорт жарыслары өткериледи.

2027-2028-оқыў жылына шекем Республикалық велоспорт шеберлиги мектеп-интернаты тәрепинен Өзбекстан велосипед спорты федерациясы менен биргеликте улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары пайдаланатуғын видеоөнимлер жаратылады.

Ташкент қаласы ҳәкимлиги тәрепинен 2027-жыл март айынан баслап тәжирийбе тәризинде "Ташкент тәжирийбеси" сыпатында аймақтағы зәрүр инфраструктураға ийе болған улыўма билим бериў мектеплерин басқышпа-басқыш велосипед пенен тәмийинлеў ҳәм тренерлер менен 2027-2028-жылларда жергиликли бюджет қаржылары есабынан бирге ислесиўди жолға қойыў әмелияты енгизиледи.