Дәслепки алтын медальды командамызға Сабрина Чакоманова алып келди. Ол 54 килограммға шекемги салмақ категориясындағы финал беллесиўинде Колумбия ўәкили Эвелин Саласқа қарсы гүрес алып барды ҳәм 5:0 есабында исенимли жеңиске еристи. Солай етип, Сабрина жас өспиримлер Олимпиадасының алтын медалын қолға киргизген биринши боксшымыз болды.

Және бир алтын медальды Рушанабону Исаева қолға киргизди. Ол 60 килограммға шекемги салмақ категориясының финалында словакиялы Каролина Колларова менен ушырасты ҳәм 4:1 есабында жеңиске еристи.

Усы тәризде Өзбекстан сайланды командасы Дакар-2026 жас өспиримлер олимпиадасында қатнасып, 2 алтын, 4 гүмис ҳәм 2 бронза, жәми 8 медальды қолға киргизди.