Бул илаж Өзбекстан ушын барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып атырған мәселени көрсетип берди: халықаралық билимлендириўди қалай етип технологиялық ҳәм экономикалық раўажланыўдың турақлы дәрегине айландырыў мүмкин?

Онда атап өтилиўинше, өзбекстанлы қызлар ушын бес стипендия — миллий билимлендириў системасы көлеминде алғанда онша үлкен көрсеткиш емес. Бирақ "Эл-юрт умиди" қоры ҳәм “British Council”диң бул биргеликтеги басламасында қәнигелерди таярлаў ҳәр тәреплеме қаржыландырылыўы нәзерде тутылған. Ҳәм бул модельдиң халықаралық билимлендириў имканиятлары мәмлекеттиң кадрлар бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалары менен үйлестириледи.

Бул бирге ислесиў перспективалары қорда “British Council” бас атқарыўшы директоры Скотт Макдональд пенен өткерилген ушырасыўда додаланды. Оның Өзбекстанға дәслепки сапары шөлкемниң республикадағы жумысының 30 жыллығына туўра келди. “British Council” бул жердеги жумысын 1996-жылы баслаған болып, инглис тилин оқытыў, педагоглар таярлаў, жоқары оқыў орынлары арасындағы ҳәм мәдений байланысларды раўажландырып келмекте. Усы дәўир даўамында бүгинги күнде илимий ҳәм техникалық кадрлар таярлаў мәселелерин де қамтып алған беккем шериклик тийкары қәлиплести.

Алдын Самарқандтағы “Global Talent” Форумында қол қойылған келисим буның әмелий қәдеми болды. «Going Global Partnerships — Scholarships for Women in STEM» бағдарламасы шеңберинде өзбекстанлы бес қыз 2027-2028-оқыў жылында Уллы Британияда билим алыў имканиятына ийе болады. Қаржыландырыўдың 40 процентин "Эл-юрт умиди" қоры, 60 процентин болса “British Council” тәмийинлейди.

Биргеликте қаржыландырыў әмелиятын узақ мүддетли бирге ислесиўдиң тийкары деп есаплаў мүмкин. Өзбекстан өзиниң раўажланыўы ушын зәрүр болған қәнигелерди таярлаўға инвестиция киргизип келмекте, халықаралық шерик болса бул инвестицияларда қатнасады. Бундай модельдиң турақлылығы таңлап алыў сапасы, билимлендириў мазмуны ҳәм питкериўши қызлардың алған билимлерин әмелде қолланыў имканиятларына байланыслы болады.

Билимлендириў имканиятларын кеңейтиў санаатты раўажландырыў, жаңа технологияларды енгизиў ҳәм басқарыўдың сапасын арттырыўға уқыплы кадрларды таярлаў ўазыйпасы менен үнлес бармақта. "Эл-юрт умиди"ниң жаңаланған тийкарғы бағдарларында экономика ҳәм жәмийет ушын үлкен әҳмийетке ийе болған “STEM”, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, медицина ҳәм басқа да тараўлар айрықша орын ийелейди.

Бул ўазыйпалар арасындағы байланыслылық пүткиллей әмелий әҳмийетке ийе. Қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыў жаңа қуўатлықларды энергосистемаға интеграциялай алатуғын инженерлерди талап етеди. Суўды үнемлеў агрономия, суўғарыў технологиялары ҳәм мағлыўматларды таллаўды үйлестире алатуғын қәнигелерге мүтәжлик сезеди. Санластырыў болса исенимли системаларды жаратыў ҳәм олардың қәўипсизлигин тәмийинлей алатуғын профессионалларды талап етеди. Халықаралық билимлендириў мине усындай ўазыйпаларды Өзбекстанның анық шараятларында шешиўге жәрдемлесиўди мақсет еткен.

ЮНЕСКО мағлыўматларына бола, дүнья бойынша “STEM” бағдарламалары питкериўшилериниң дерлик 35 процентин ҳаял-қызлар қурайды ҳәм олар инженерлик ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында елеге шекем жетерли дәрежеде ўәкилликке ийе емес. Сонлықтан қызлардың алдынғы билим алыў имканияты бир ўақыттың өзинде ҳәм социаллық, ҳәм экономикалық әҳмийетке ийе болып, жәмийеттиң илимий ҳәм профессионал потенциалынан және де толығырақ пайдаланыў имканиятын береди.

Қор ушын бул орында сырт ел билимлендириўи менен миллий раўажланыў арасындағы байланыстырыўшы институт сыпатындағы абырайын күшейтиў имканияты ашылады. Бундай жумыс стипендиатларды оқыўға жибериўден алдын-ақ тармақлардың реал зәрүрликлерин аңлаўды ҳәм олар питкерип шыққаннан кейин кәсиплик қәлиплесиўин бақлап, қоллап-қуўатлаўды нәзерде тутады.

«Эл-юрт умиди» қорының баспасөз хызмети.