Қылышласыўдың сабля бағдары бойынша қызлар арасында өткерилген жарыста Наргиза Утебаева бронза медалы менен сыйлықланды.
Сайлап алыў басқышынан табыслы өтип, ярым финалға шыққан өзбекстанлы спортшы финалға шығыў ушын гүресте қытайлы қарсыласына жол берди. Үшинши орын ушын болып өткен беллесиўде Наргиза Аргентина ўәкили үстинен жеңиске ерисип, бронза медалын қолға киргизди.
Соның ишинде, Өзбекстан сайланды командасы 4 гүмис ҳәм 2 бронза медальды қолға киргизди.